Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев менен Түркия Республикасының Президенти Режеп Таййип Эрдўғон арасында Түркияның басламасы менен 2017-жыл 11-декабрь күни телефон арқалы сөйлесиў болып өтти.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызметиниң мәлимлеме бериўинше, сөйлесиўдиң басында Түркия Президенти мәмлекетимиз басшысын елимизде структуралық өзгерислер менен социаллық-экономикалық реформалардың жаңа басқышын әмелге асырыў бойынша қолға киргизилген әмелий нәтийжелер менен шын жүректен қутлықлады.

Өзбекистан Президенти елимизде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық салаларында турақлы ҳәм жоқары раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған сиясатты жоқары баҳалағаны ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Сөйлесиўде мәмлекет басшылары усы жылдың октябрь айында Түркия Республикасына жоқары дәрежедеги сапар етиў жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди әмелге асырыў зәрүрлигин айрықша атап өтти.

Саўда-экономикалық, техногиялық, қаржы-инвестициялық, транспорт, туризм ҳәм мәденият салаларындағы биргеликтеги бағдарламалар менен жойбарларды әмелге асырыў бағдарында өз-ара пайдалы байланысларды даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентлер, сондай-ақ, Стамбул қаласында болып өтетуғын Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң гезексиз саммитиниң күн тәртибиндеги мәселелер, соның ишинде, регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың басқа да әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты.

ӨзА