Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың мирәт етиўине бола Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбеков 13-14-декабрь күнлери рәсмий сапар менен елимизде болады.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызметиниң мәлимлеме бериўинше, жоқары дәрежедеги ушырасыўлар менен сөйлесиўлерде сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да салалардағы мәмлекетлераралық байланыслардың бүгинги жағдайын ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў перспективаларын, шегараалды бирге ислесиў мәселелерин, айырым регионаллық ҳәм халықаралық машқалаларды додалаў режелестирилген.

Сапар етиўдиң жуўмағы бойынша мәмлекет басшыларының Биргеликтеги билдириўине, ҳәр қыйлы салалардағы өз-ара қатнасықларды буннан былай да беккемлеўге ҳәм кеңейтиўге қаратылған бир қатар ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволараралық ҳүжжетлерге қол қойылыўы күтилмекте.

 

ӨзА