Пайтахтымызда Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясы, Саўда-санаат палатасы, Халықаралық Мийнет шөлкеми,  Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ўәкиллериниң қатнасында «Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм Жәҳән банки менен мийнет саласын реформалаў арқалы Өзбекистанды қоллап-қуўатлаўға қаратылған стратегиялық бирге ислесиў» темасында регионаллық дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының тараў қәнигелери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Илажды Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жалменов алып барды.

Онда Халықаралық Мийнет Шөлкеминиң бас техник мәсләҳәтшиси Йонас Аструп, техник мәсләҳәтшиси Оксана Липкану,  Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясы юридика бөлиминиң бас юрисконсульты Г.Бабаниязова, Өзбекистан Саўда-санаат палатасы баслығының жәрдемшиси А.Ҳақбердиев, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң бөлим баслығы Ж.Қурбанбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекистанда миллий нызамшылықты халықаралық норма ҳәм стандартлар тийкарында имплементациялаў арқалы мийнеткешлердиң конституциялық мийнет ҳуқықларын ҳәм кепилликлерин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Илажда елимизде пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаў, қоллап-қуўатлаў, гендер теңлигине әмел етиў, мийнет базарын, мийнет қатнасықларын тәртипке салыў, мийнетти қорғаў бойынша нызамлы ҳуқықлар берилгенлиги атап өтилди.

Балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет мәселелери бойынша Муўапықластырыўшы Кеңес жанындағы Қайта байланыс механизми, пахта жыйын-териминде мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетине жол қоймаў бойынша алып барылған Миллий мониторинг жуўмақлары, балалар мийнетинен пайдаланыў ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қоймаўда мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен алып барылған жумыслар, сондай-ақ, орынларда хабардарлықты арттырыў жумыслары туўралы мағлыўматлар берилип, Халықаралық мийнет шөлкеми ўәкиллери Өзбекистанда Халықаралық мийнет шөлкеми ковенцияларына әмел етиўде алып барылып атырған системалы жумысларды жоқары баҳалады.

Илаж қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.