Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи

Ассалаўма әлейкум, әзиз ўатанласлар!

Ҳүрметли аўыл хожалығы хызметкерлери!

Мен ушын қәдирли болған дийқан ҳәм фермерлер!

Қәдирли дослар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди ҳәм сизлер арқалы пүткил халқымызды елимизде биринши мәрте белгиленип атырған Өзбекистан Республикасы аўыл хожалығы хызметкерлери күни байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.

Бүгин, мине, усы саўлатлы орында жыйналған мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлер, суўшы ҳәм ирригаторлар, механизатор ҳәм агрономлар, аграр тармағының илимпазлары тымсалында дүньядағы ең мақтанышлы кәсип ийелерин көрип турмыз.

Көп жыллар басшы лаўазымларында ислеген инсан сыпатында мениң түрли тараў ўәкиллери арасында досларым, танысларым көп. Лекин қәлбиме ең жақын инсанлардың, қәдирданларымның ең көби мине усы тараў – аўыл хожалығы тармақларында, десем, исениңлер, әйне ҳақыйқатты айтқан боламан.

Буның менен мен, әлбетте, бәрқулла шын жүректен мақтанаман, сизлерди қәлбиме, жүрегиме ең жақын ҳәм әзиз инсанлар, деп билемен.

Шынында да, ҳәммемиз балалығымыздан жерге, дийқаншылық ҳәм шарўашылыққа меҳир қойғанбыз.

Бул саланың мийнети қаншелли мақтанышлы, наны болса, қаншелли татлы ҳәм мазалы екенин бәршемиз жақсы билемиз.

Дийқан дегенде, кең далалар, бағлар, дәстурханымыздағы түрли жемислер, той-тамашалар, қуўанышлы күнлеримиз, пүткил өмиримиз көз алдымызға келеди.

Усы мәнисте, дийқан бул – өмирдиң исенимли тиреги, тиришиликтиң беккем таянышы, десек ҳеш қашан алжаспаймыз.

Уллы ойшыл Әлийшер Наўайы бабамыз «дүнья халқының тоқшылығы, қуўанышы, бәринен бурын, жерге туқым сеўип, бийбаҳа жемислер жетистиретуғын пидайы инсанлардың мийнетиниң нәтийжеси», деп мийнеткеш дийқанлардың хызметине оғада үлкен баҳа берген.

Елимизде барлық сала ўәкиллериниң байрамы бар. Бирақ бәршемизди, пүткил халқымызды бағатуғын, кийиндиретуғын аўыл хожалығы хызметкерлериниң байрамы усы ўақытқа шекем жоқ еди. Соны ойлап, шынын айтқанда, мен сизлердиң алдыңызда ҳәм пүткил мийнеткеш дийқанларымыздың алдында ҳақыйқатында да қысынып жүретуғын едим. Әлбетте, бул әдалаттан емес еди.

Соның ушын арнаўлы нызам қабыл етип, Өзбекистан Республикасы аўыл хожалығы хызметкерлери күнин белгилегенимиз, турмысымыздағы және бир әдил қарар, халқымыздың кеўлиндеги гәп болды, деп ойлайман.

Бурын республикамызда дийқаншылық мәўсиминиң жуўмағы бойынша аўыл хожалығы хызметкерлериниң қуралтайы өткерилетуғын еди. Бундай қуралтайларда өткен мәўсимде қолға киргизилген табыслар да, жол қойылған кемшиликлер де ҳәр тәреплеме талқыланып, салаға тийисли жаңа режелер белгилеп алынатуғын еди.

Бүгин биз тек ғана аўыл хожалығы саласының емес, ал пүткил социаллық-экономикалық турмысымыздың раўажланыўы ушын жаңа шеклерди ашып беретуғын әне усындай әнжуманды – ийгиликли дәстүрди қайта тиклемектемиз.

Ҳүрметли дослар!

Ҳәзирги күнде аграр салада әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелерин талқылаў ҳәм келеси жыл ушын ең тийқарғы илажларды белгилеп алыў әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Фермерлик ҳәрекетин раўажландырыў нәтийжесинде елимизде соңғы жыллары 160 мыңнан аслам фермер хожалығы қәлиплесип, олар бүгинги күнде 10 нан артық бағдарларда нәтийжели жумыс алып бармақта.

Ең қуўанышлысы, 12 мыңнан зыят фермер хожалығы басшыларын 30 жасқа шекемги жаслар қураса, 6 мыңнан аслам фермер хожалығына ҳаял-қызларымыз басшылық етпекте.

Көп тармақлы фермер хожалықлары соңғы еки жылда 45 процентке көбейип, бүгинги күнде олардың саны 75 мыңға жетти. Тек ғана соның есабынан орынларда, узақ аўылларда жүз мыңлаған жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Алып барылған экономикалық реформалардың, фермерлик ҳәрекетиниң раўажланыўы нәтийжесинде быйыл елимиз бойынша 8 миллион 377 мың тонна ғәлле жетилистирилди.

Сизлердиң пидәкерлик мийнетиңиздиң нәтийжесинде 2 миллион 930 тоннадан аслам пахта зүрәәти, 12 мың 450 тонна пилле, 318 мың тонна салы, 23 миллион тонна мийўе-овощ, 13 миллион тонна гөш ҳәм сүт өнимлерин алыўға еристик.

Быйыл биринши мәрте ғәлледен босаған дерлик 1 миллион гектар жерге овощ, картошка, палыз ҳәм собықлы егинлер егилди ҳәм 5,5 миллон тоннадан аслам өним жетистирилди.

Аўыл хожалығын диверсификациялаў, жер суў ресурсларынан буннан былай да ақылға уғрас пайдаланыў, экспортқа қолайлы өнимлер жетистириў арқалы дийқанлардың дәраматын арттырыў бағдарында алып барылып атырған системалы жумысларымыз да әсте-ақырын өз нәтийжесин бермекте.

Мәселен, быйыл 96 мың гектар зүрәәтлилиги төмен жерлерде пахта ҳәм ғәллениң орнына 32 мың гектар жерде капуста, түрли овощ ҳәм көк шөплер егилди ҳәм бул жерлерден алынған мыңлаған тонна өнимлер экспорт етилди. Сондай-ақ, 11 мың гектарда интенсив бағ ҳәм жаңа жүзимзарлар, 1 мың 500 гектарда ыссыхана жаратылды.

Бул бойынша Испания, Польша, Нидерландия, Греция, Россия, Қытай, Қубла Корея, Түркия, Вьетнам ҳәм Индонезия мәмлекетлериниң алдынғы тәжирийбесинен кеңнен пайдаланыўға айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, елимизде биринши мәрте шафран сыяқлы дәстүрий емес егин жолға қойылды, соя егиў көбейди.

Аўыл хожалығы өнимлериниң 132 мың тоннасы қайта исленип, 100 миллон долларлық таяр өним, итибар бериң, таяр өним экспорт етилди. 724 мың тонна таза мийўе сыртқа сатылды ҳәм бул елимизге 856 миллион доллар валюта алып келди. Себеби, бурын мыңлаған тонна мазалы мийўелеримиз далада қалып, ширип кететуғын, заяланып, ең жаманы обал болатуғын еди.

Пиллешиликте жоқары зүрәәт алыўда үлкен әҳмийетке ийе болған, бирақ дерлик жоғалып баратырған дәстүрлер қайта тикленбекте. Ең әҳмийетлиси, қымбат баҳалы шийки зат болған жипек жетистириўдиң пүткиллей жаңа системасы жолға қойылды. Бул салада жумысларды пүткиллей жаңа тийкарда жолға қойыў мақсетинде «Өзбекжипексанаат» ассоциациясы шөлкемлестирилди. Быйыл елимизде биринши мәрте пилледен жылына еки мәрте зүрәәт алыў тәжирийбеси сынақтан өткерилди ҳәм унамлы нәтийже берди.

Ҳәр бир ўәлаятта пилле шийки затын қайта ислеп, таяр өним алыў мақсетинде тиккелей шет ел инвестициялары тартылмақта. Нәтийжеде усы жылдың өзинде жипекти қайта ислеўге қәнигелескен 10 нан аслам жаңа кәрхана иске түсирилди.

Соңғы жылларда шарўашылық тармағын раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде балық, пал жетистиретуғын, қус, ешки, қара мал бағылатуғын көплеген хожалықлардың жумысы жолға қойылды.

Және бир әҳмийетли, бирақ соңғы жылларда итибарымыздан шетте қалып кеткен мәселеге айрықша тоқтап өтпекшимен. Ҳәзирги күнде елимизде жылқышылық тармағы бойынша 15 нәсилли хожалық жумыс алып бармақта. Оларда 3 мың 150 ден аслам ҳасыл туқымлы ат бағылмақта.

Ҳасыл туқымлы қарабайыр атларын көбейтиў ҳәм ат спортын раўажландырыў мақсетинде Қашқадәрья ўәлаятының Яккабағ районында жаңа жылқышылық комплекси шөлкемлестирилди. Ташкент ўәлаятында ҳәм елимиздиң басқа да аймақларында да усындай комплекслер қурылмақта.

Улыўма алғанда, ата-бабаларымыз қәдирлеп, тәрбиялап келген, жақсы ҳәм жаман күнлеринде дос болған қарабайыр атларды миллетимиздиң мақтанышы, десек, арзыйды. Перзентлеримиздиң қәлбинде мәртлик, батырлық, ел-журтқа садықлық пазыйлетлерин қәлиплестириўде оннан дурыс пайдалансақ, нур үстине нур болады, деп ойлайман.

Соңғы 20 жылда итибардан шетте қалған және бир тармақ – балықшылық саласын тиклеў ушын «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы шөлкемлестирилди. Оның системасына 3 мың 600 балықшылық хожалығы киргизилди. Быйыл 580 мың гектар майдандағы тәбийғый ҳәм 28 мың гектар жасалма көллерде 100 мың тоннадан аслам балық жетистирилди.

Вьетнам ҳәм Қытай технологиясы тийкарында интенсив усылда балық жетистириў, оны көбейтиў, балық жемтигин ислеп шығарыў бағдарында бул еллер менен жақын бирге ислесиў жолға қойылды.

Және бир әҳмийетли бағдар – пал ҳәррешилик саласын  раўажландырыў мақсетинде Өзбекистан пал ҳәррешилер ассоциациясы шөлкемлестирилип, оған пал жетистиретуғын 14 мыңнан аслам исбилермен ағза болып кирди.

Бундай салмақлы табыслар туўралы сөз еткенде, сиз, әзиз фермер ҳәм дийқанлар, барлық мийнеткешлердиң пидәкерлик мийнетиңизди, усы саланың раўажланыўына өмирин, пүткил өмирин бағышлаған инсанлардың исмлерин мақтаныш пенен тилге аламыз.

Әсиресе, Өзбекистан Қаҳарманлары Азим Латипов, Аваз Эргашев, Анорбай Эшматов, Парда Зиёдов, Сәрсенбай Сейтназаров, Дўстмурод Абдуллаев, Исахан Бахрамов, Сиёсатхан Абдуллаева, Аваз Хосилов, Гулмат Ҳайитметов, Шарифбай Ражабов, Аҳмад Нарзуллаев, Абдумурод Базаров, Абдурайим Ҳамидов, Патилахон Эргашева, Халчахан Мирзаева, Тўра Нарзиев сыяқлы пидайы жерлеслеримиз ҳаққында қанша сөз етсек арзыйды.

Сизлерге жақсы белгили ҳәзирги күнде фермер хожалықлары ҳәм улыўма, аўыл хожалығы саласы мәмлекетимиз тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, оларға барлық зәрүр шараятлар менен имканиятлар жаратып берилмекте.

Елимизде ирригация ҳәм мелиорация илажларының барлық қәрежетлери толық мәмлекетлик бюджеттиң есабынан қапланбақта. Бул аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт алыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Аўыл хожалығы егислик жерлерин суў менен кепилликли тәмийинлеў мақсетинде ҳәр жылы мәмлекетлик бюджеттен 2 триллион сумнан аслам, суўғарылатуғын жерлердиң мелиоратив жағдайын жақсылаў ушын 400 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылмақта.

Зүрәәтлиги төмен жерлерде мәмлекет зәрүрликлери ушын пахта жетистиретуғын фермер хожалықларын қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекетлик бюджеттен қаржы ажыратыў көлеми жылдан-жылға артып бармақта. Егер 2008-жылы усы мақсетлер ушын 80 миллиард сум қаржы қаратылған болса, быйыл бул көрсеткиш 300 миллиард сумды қурады.

Жыл даўамында исленген машақатлы мийнет, агротехникалық илажлардың өз мүддетинде ҳәм сапалы өткерилиўиниң нәтийжесинде гектарынан орташа 50 центнерден аслам зүрәәт алған фермерлер 1 мың 121 ди, 45 центнерлик шекти ийелеген фермерлеримиз 2 мың 130ды, 40 центнершилер 7 мың 208ди қурады. Бул пахташылық бойынша өз тәжирийбе мектебин жаратып атырған фермерлер көбейип атырғанынан дәрек береди.

Быйылғы мәўсимде Әмиўдәрья, Булоқбоши, Пахтаобод, Вобкент, Бухара, Миришкор, Нишон, Қизилтепа, Мингбулоқ, Қаттақўрғон, Нарпай, Жарқўрғон, Юқоричирчиқ, Боғот, Хонқа, Қўшкўпир ўәлаятларында пахтадан мол зүрәәт алынды.

Пахта жетистириўде жоқары зүрәәтликке ерискен Әмиўдәрья районындағы «Амударё соҳили» фермер хожалығы басшысы Исламбек Маткаримов, Миришкор районындағы «Турдиали бобо» фермер хожалығының басшысы Абдувоҳид Бегалиев, Пешку районындағы «Фаттоев» фермер хожалығының басшысы Ёқуб Фаттоев сыяқлы фермерлердиң жумысы мақтаўға ылайық.

Ғәллешилик бойынша ерискен табысларымызда Беруний, Алтынкөл, Қурғонтепа, Дослық, Ромитан, Пешку, Шаҳрисабз, Нарын, Иштихон, Пискент, Алтиариқ, Учкўпир, Қува районларының фермерлери өрнек ҳәм үлги болды.

Ең тийкарғысы, быйыл жетистирилген ғәллениң 5 миллион 200 мың тоннадан асламы фермер ҳәм дийқан хожалықлары және халықтың ықтиярында қалдырылды. Булардың бәри дийқанларымыздың қоймаханалары дәнге, ырысқы-несийбелери берекетке толып, олар өз мийнетинен үлкен пайда көрип атырғаны, халық сөзи менен айтқанда, шын мәнисинде олардың кесеси ағарып атырғанын әмелий түрде дәлиллейди, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Суў ресурслары шекленген регионымызда дийқаншылық етиў, мол ҳәм сапалы зүрәәт алыў қаншелли аўыр және машақатлы екенин сиз, усы саланың шебер усталары оғада жақсы билемиз. Соның ушын суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўге қаратылған илажлар қоллап-қуўатланып, буның инта көрсетиўшиси болған хожалық ҳәм шөлкемлерге қосымша жеңилликлер менен преференциялар жаратылып берилмекте. Нәтийжеде бүгинги күнде дерлик 240 мың гектар майданда, әне, усындай технологиялар, соның ишинде, 28 мың гектар жерде тамшылатып суўғарыў технологиясы енгизилди.

2017-жылдың өзинде аўыл хожалығы саласына байланыслы 5 нызам, 20 дан аслам пәрман ҳәм қарар қабыл етилди, 2 жаңа комитет ҳәм 3 ассоциация дүзилди. Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң жумысы түп-тийкарынан жетилистирилди.

Аўыллық жерлердеги районларда ҳәкимлердиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымы енгизилди. Өзбекистан Фермерлер кеңеси Өзбекистан Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси сыпатында қайта шөлкемлестирилди.

Енди, әне, усындай өзгерислер әмелий нәтийже бериўи ушын ҳәммемиз бар күш-имканиятларымызды жумсаўымыз керек.

Қәдирли дослар!

Усы жерде мен бир пикирди айрықша айтып өтиўди қәлер едим.

Фермер ҳәм дийқанларымыз аўыл хожалығында тийкарғы күш болып, тек ғана бул тараўды емес, ал пүткил елимиздиң раўажланыўын арттырыў, халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, елимизди ҳәр тәреплеме абат етиўде шексиз жумысларды әмелге асырып атырғанын бүгин мақтаныш пенен, миннетдаршылық пенен атап өтемиз.

Өзбек дийқанлары ана жеримизге, муқаддес топырағымызға ең садық, ел-журттың тәғдири ушын ҳақыйқый пидайы инсанлар болып табылады. Олардың бундай пазыйлетлеринен бәршемиз өрнек алсақ арзыйды.

Әзиз фермерлер, дийқан ҳәм мийнеткешлер!

Аўыл хожалығы саласында ерисилип атырған жетискенликлер ҳәм нәтийжелеримиз ҳаққында және көп айтыўымыз мүмкин. Лекин жентискенликлерге тигилип отырыў, бийпәрўалыққа берилиў бизге жараспайды. Себеби аўыл хожалығы саласында еле иске қосылмаған имканиятлар, өз шешимин күтип турған машқалалар ҳәм кемшиликлер де оғада көп екенин бәршемиз жақсы билемиз.

Өзбекистанды 2017-2021-жылларда буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында барлық салалар қатарында аўыл хожалығын да модернизациялаў бойынша ең әҳмийетли ўазыйпаларды анық белгилеп, оларды избе-из әмелге асырып атырғанымыз тараўдағы үлкен табысларға тийкар болып хызмет етпекте.

Бүгин сизлер менен әне усы мәселелер туўралы ашық-айдын сөйлесип, оларды шешиў жолларын анық белгилеп алсақ, әйне кеўилдегидей болады, деп ойлайман. Бул келеси жылда аўыл хожалығының барлық тармақларында буннан былай да жоқары нәтийжелерге ерисиўимиз ушын пуқта тийкар жаратады.

Бириншиден, жерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм оны талан-тараж етиўдиң алдын алыў – ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып табылады.

Елимизде суўғарылатуғын жерлер тек ғана 3 миллион 300 мың гектар болып, оны көбейтиўдиң ҳеш илажы жоқ. Себеби бизде суў ресурслары шекленген. Халқымыз болса, жылдан-жылға көбейип бармақта.

Орынларда қатаң қадағалаўдың жоқлығы ақыбетинде суўғарылатуғын жерлерди фермерлер ҳәм басқа да жуўапкер басшылар тәрепинен сатыў, өз басымшалық пенен ийелеп алыў ҳәм талан-тараж етиў жағдайлары, өкинишке бола, даўам етпекте.

Усы жылдың өзинде 20 дан аслам районда, соның ишинде, Бўз, Ангор, Навбаҳор, Жамбой, Ахангаран ҳәм басқа да районларда суўғарылатуғын жерлер пуқаралар тәрепинен өз басымшалық пенен ийелеп алынған. Бундай унамсыз жағдайларды дерлик барлық ўәлаятларда бақлаў мүмкин.

Ҳәзирги күнде елимиздеги әмелдеги 700 мың гектарға шамалас суўғарылмайтуғын жердиң тек ғана 300 мың гектарына ғәлле ҳәм майлы егинлер егилмекте.

Қәне, айтыңлар, қалған 400 мың гектар жерден неге пайдаланбаймыз?

Бундай жерлерди өзлестириў, оларды турақлы түрде дийқаншылық егинлерин егетуғын жерлерге айландырыў аңсат болмайды, деп отырсақ, отыра беремиз.

Себеби, бүгинги жағдай бәршемизден инта көрсетип, дүньядағы алдынғы тәжирийбелерди терең үйрениўди, пидәкерлик пенен мийнет етиўди талап етпекте.

Бундай ийгиликли иске қол урған фермер ҳәм дийқанларымызға биз ҳәр тәреплеме көмек бериўге таярмыз.

Өзиңизге белгили, ҳәр бир қарыс жер – мәмлекеттиң, демек, халқымыздың бийбаҳа байлығы есапланады. Оннан нызамсыз, өз басымшалық пенен пайдаланыўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ. Өкинишке бола, әне усы әпиўайы ҳақыйқатты түсинип жетпеген ямаса түсиниўди ҳәм оған әмел етиўди қәлемей атырғанлар еле де ушырасып турады.

«Жергеодезкадастр» комитети тәрепинен өткерилген үйрениўлердиң нәтийжесинде быйыл 3 мың 600 ге шамалас фермер хожалығы ғәлле ҳәм пахтаны шәртнамада белгиленгенге салыстырғанда 19 мың гектар кем еккени анықланған. 833 фермер хожалығы болса, 13 мың гектар жерге пахта ҳәм ғәлле жетистириў бойынша шәртнама дүзген болса да, әмелде бул егинлерди улыўма екпеген.

Зүрәәтли жерлерди сатып, нызамсыз тәризде турақ жай қурып, шәртнамада нәзерде тутылған егинлерди егиўден бас тартып атырған фермерлерге қатаң шаралар көретуғын ҳәм нызамлы баҳа беретуғын ўақыт келди.

Соның ушын Бас министрдиң орынбасары, аўыл ҳәм суў хожалығы министри Зойир Мирзаев, жуўапкер ведомстволар ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери бир ай мүддетте әне усындай машқалаларды толық сапластырыў бойынша анық илажлар ислеп шығып, көрип шығыўға усыныўы зәрүр.

Екиншиден, суўғарыў қурылмалары гөнерип, тармақлар жарамсыз ҳалға келип қалғаны ақыбетинде 830 мың гектар жерди суўғарыўда қыйыншылықлар жүзеге келмекте.

Буннан тысқары, 1 миллион 300 мың гектар суўғарылатуғын жердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, 18 мың километр коллектор ҳәм дренаж тармақларын басқышпа-басқыш тазалаў лазым. Сондай-ақ, 103 ири, 720 орта ҳәм киши суў қурылмалары жаңалаўға ҳәм оңлаўға мүтәж.

2017-2018-жылларда бул илажлар ушын мәмлекетлик бюджеттен 1,5 триллион сум, халықаралық қаржы институтларының 150 миллион доллар қаржысын қаратыў режелестирилген. Бирақ усылардың өзи менен тараўдағы барлық машқалаларды толық шешиўге болмайды.

Соның ушын Бас министрдиң орынбасары Зойир Мирзаев ҳәм Жамшид Қўчқоров бир ҳәпте мүддетте мәмлекетлик бюджеттен усы мақсетлер ушын қосымша қаржы ажыратыў ҳәм халықаралық қаржы институтларының бул жойбарларға және де кеңирек қатнасыўын тәмийинлеў бойынша анық усыныслар киргизиўи лазым.

Елимизде жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бағдарында да көплеген жумысларды әмелге асырыўымыз керек. Бул бағдарда суў сақлағышлар тармағын кеңейтиўдиң есабынан суўғарылмайтуғын жерлерди өзлестириў мәселесине айрықша итибар қаратыў керек.

2018-2019-жыллар даўамында Ташкент ўәлаятында жәми 44 миллион куб метр суў жыйналатуғын «Паркентсой», «Қизилсой», «Тоштепа» суў сақлағышлары қурылады. Усы тақылетте Паркент ҳәм Ахангаран районларында 5 мың гектар  суўғарылмайтуғын жерлерди өзлестириў имканияты жаратылады.

Жиззақ ўәлаятының Фориш районында «Караман» суў сақлағышы иске түсирилгеннен соң, 20 мың гектар жер өзлестириледи.

Қашқадәрья ўәлаятында «Гулдора», «Аяқчисой», Самарқанд ўәлаятында «Булунғур» суў сақлағышларын қурсақ, бул қосымша рәўиште 2 мың гектар егислик жерлерди өзлестириў, 2 мың 300 гектар жерде суў тәмийинатын жақсылаў имканиятын береди.

Наўайы ўәлаятындағы «Сентобсой», Наманган ўәлаятындағы «Қарасув», «Ертикан», «Уйчи» суў сақлағышлары дерлик 2 есеге кеңейтиледи.

2018-2019-жылларда ирригация тармақларын раўажландырыў ҳәм суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша мәмлекетлик бағдарламаға муўапық, келеси еки жылда 1 мың 86 километр узынлықтағы каналлар бетонластырылып, 661 километр лотоклар жаңадан қурылады. Сондай-ақ, 109 ири гидротехникалық қурылмалар қурылып, жаңа насос станциялары орнатылады.

Әне, усы илажларды әмелге асырыўдың нәтийжесинде 1 миллион 200 мың гектар жердиң суў тәмийнаты жақсыланады.

Ең тийкарғысы, жылына 1 миллиард 700 миллион куб метр  суў үнемленеди ҳәм 600 мың гектар жердиң мелиоративлик жағдайы жақсыланады.

Ҳәмммиз жақсы түсинемиз, «Жерди бақсаң, жер де сени бағады» деген нақыл тегин айтылмаған. Салада үлкен нәтийжеге ериспекши болсақ, биринши гезекте ырысқы-несийбемиздиң дәреги болған жерди бағыўымыз, топырақтың өнимдарлығын арттырыўымыз керек.

Үшиншиден, халықты сапалы гөш, сүт, мәйек ҳәм балық өнимлери менен жеткиликли тәмийинлеў – ең тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири.

Буған ерисиў ушын төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр. 2018-2019-жылларда банк кредитлери есабынан 145 жойбар шеңберинде қосымша 35 мың бас ҳасыл туқымлы қарамал бағыў жолға қойылады. Улыўма баҳасы 280 миллиард сум болған 80 жойбар тийкарында қосымша 3 миллион 200 мың бас қус бағыўға мөлшерленген хожалықларды шөлкемлестириў керек. Соның есабынан 2018-жылы мәйек жетистириўди 10 процентке арттырып, оның улыўма көлемин 7 миллиард  800 миллион данаға жеткериў имканияты жүзеге келеди.

Келеси жылы балық жетистириўди 150 мың тоннаға жеткериў мақсетинде 215 миллиард сумлық 280 жойбар әмелге асырылады, 1 мың 650 гектар жасалма суў бассейнлери шөлкемлестириледи. 25 суў сақлағышта Вьетнам тәжирийбеси тийкарында 13 мың тонна, 37 мың гектар салы атызында 15 мың тонна балық жетистириў бойынша илажлар көрилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы, Самарқанд, Сурхандәрья, Әндижан ҳәм Наманган ўәлаятларында Индонезиядан алып келинетуғын 380 мың дана өнимдарлы балық шабағын усы елдиң қәнигелери менен биргеликте жергиликли ықлымға бейимлестириў зәрүр.

Төртиншиден, мийўе-овощ жетистириўди буннан былай да көбейтиў, оны сапалы түрде халыққа жеткериў ҳәм экспорт етиў жумыслары, тилекке қарсы, жетерли дәрежеде емес.

Бүгинги күнде елимизде жетистирилип атырған мийўе-овощтың тек 15 проценти қайта исленип, 8 проценти ғана экспорт етилмекте. Әсиресе, Сырдәрья, Жиззақ, Хорезм, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында бул көрсеткишлер елеге шекем төменлигинше қалмақта.

Быйылғы жылы 860 мың тонна ямаса 620 миллион долларлық мийўе-овощ экспорт етилгени бизиң имканиятымыз бенен потенциалымызға сәйкес келе ме! Жоқ, әлбетте!

Раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында бағлар менен жүзимзарларды қайта ислейтуғын овощ ҳәм картошка туқымларын егетуғын ҳәм жыйнап алатуғын техникалар жоқ, фермер, дийқан хожалықларына жанылғы-майлаў өнимлери, минерал төгинлер, туқым жеткерип бериў, кеселлик ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў жумыслары талап дәрежесинде шөлкемлестирилмеген. Бул да ҳақыйқат.

Бас министрдиң орынбасарлары Нодир Отажонов, Зойир Мирзаев бир ай мүддетте ҳәр бир  ўәлаятта ҳәм районда мийўе-овощ жетистириўди көбейтиў, оны қайта ислеў ҳәм экспорт көлемин арттырыў бойынша анық илажларды ислеп шығып, әмелге асырыўы керек.

Бесиншиден, республикамыз бойынша  445 мың гектар ең өнимдарлы жер халыққа қыйтақ жер сыпатында берилген.

Бирақ, қыйтақ жерден пайдаланыў талап дәрежесинде емес. Бул бағдардағы жумысларды муўапықластырыў ҳәм қадағалаў системасы жоқ, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Салада қадағалаўды тәмийинлеў, қыйтақ жер ийелерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекистан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине бир қатар ўәкилликлер берилди.

Министрлер Кабинети (З.Мирзаев), Өзбекистан фермер дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (Б.Юсупов), Кәсиплик аўқамлары федерациясы (Қ.Рафиқов), «Жергеодезкадастр» мәмлекетлик комитети (А.Абдуллаев), «Мәҳәлле» қоры (Ш.Жавлонов), Ҳаял-қызлар комитети (Т.Норбоева) ҳәм аймақлардағы секторлардың басшылары үйме-үй барып, халыққа қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў бойынша зәрүр усыныс ҳәм әмелий жәрдем бериў механизмин ислеп шығып әмелге асырыўы зәрүр.

Бул жумысларды унамлы жолға қойыў нәтийжесинде қыйтақ жерлерден мийўе, овощ, картошка, көк шөп, собықлы ҳәм басқа да өнимлерди жетистириў имканиятлары және де кеңейеди.

Сондай-ақ, халықтың қыйтақ жерлеринде цитрус мийўелер жетистириўге мөлшерленген ықшам ыссыханаларды қурыў, ғоза, унаби ҳәм басқа да нәллер жетистириўди шөлкемлестириў зәрүр.

Алтыншыдан, ҳәзирги ўақытта елимиздеги 146 мың 295 аўыл хожалығы  техникасының 38 проценти әлле қашан өз өмирин өтеп болған, яғный пүткиллей гөнерген.

Әсиресе, мийўе ҳәм овощ жетистириўге қәнигелескен районлар  бағлар менен жүзимзарларды қайта ислеў, овощ егиў, тәрбиялаў ҳәм жыйнап алыўға мөлшерленген техникалар менен тек 34 процент ғана тәмийинленген. Бул мийнет өнимдарлығының ҳәм зүрәәтлиликтиң төменлеп кетиўине себеп болмақта.

Соның менен бирге, елимиз бойынша 16 мың 495 аўыл хожалығы техникасының жетиспеўшилиги анықланған. Соның ақыбетинде белгиленген агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўдың имканияты болмай атырғанлығы себепли күтилген нәтийжеге ерисилмей атыр.

Бас министрдиң орынбасарлары Зойир Мирзаев, Жамшид Қўчқоров ҳәм Нодир Отажановқа аўыл хожалығы техникасын елиимзде ислеп шығарыўды жолға қойыў, зәрүр жағдайларда оларды шет мәмлекетлерден сатып алыў ушын қаржы дәреклерин анықлаў мәселелерин шешиў бойынша усы жыл 20-декабрьге шекем анық ҳәм әмелий усыныслар киргизиў ўазыйпасы тапсырылады.

Жетиншиден, аўыл хожалығы саласын раўажландырыўда илим турмыс талапларынан изде қалып атырғаны анық машқалалардан бири болып табылады.

Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигине қараслы илимий-изертлеў институтларының аграр илимди ҳәм селекцияны раўажландырыў, алдынғы агротехнологияларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў, ҳәр бир аймақта топырақ ҳәм ықлым шараятына бейимлескен егин сортларын жаратыў және орналастырыў бағдарындағы орны менен ролин кескин арттырыў зәрүр.

Ҳәзирги күнде әне, усы илимий мәкемелердиң материаллық-техникалық базасы заманагөй изертлеўлерди әмелге асырыў имкканиятын бермейди. Илимий-изертлеў жумыслары елеге шекем ески усылларда алып барылып атырғаны да ҳақыйқат.

Салада заманагөй илим жетискенликлерин пуқта өзлестирген кадрлардың жетиспей атырғанын да тән алыўымыз керек. Әсиресе, шарўашылық, қусшылық ҳәм балықшылық салаларында ветеринар қәнигелерге талап жоқары.

Қара маллардың нәсилин жақсылаў, қусларда кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў бойынша илимий-излениўлер дерлик алып барылмай атыр.

Жақын ўақытқа шекем шарўашылық саласында жетекши болып келген елимизде бүгин ҳасыл туқымлы малларды тек ғана шет елден алып келиў менен шекленип атырғанымызды не деп түсиндириў мүмкин!

Бундай итибарсызлықты ҳәм саланың ертеңги раўажланыўын ойламаўды ҳеш нәрсе менен ақлап болмайды.

Әне, усы жағдайлардың барлығын инабатқа алып салаға илимий қатнас жасаўды шөлкемлестириў ҳәм маман қадрлар таярлаў системасын жолға қойыў мақсетинде елимизде ветеринария институтын шөлкемлестириўдиң ўақты келди, деп есаплайман.

Және бир әҳмийетли мәселе, яғный жылына елимизде жетистирилип атырған 12 миллион данадан аслам терини жыйнаў, оны терең қайта ислеў, әсиресе, дүньяға белгили қаракөл териден жоқары сапалы, бәсекиге шыдамлы өним таярлаў бойынша жумысларымыз да талап дәрежесинде емес.

Бас министрдиң орынбасары Зойир Мирзаев тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар  менен биргеликте еки ай мүддетте «Ўзбекчармпойабзали» ассоциациясының жумысын түп-тийкарынан қайта көрип шығып, системаны жетилистириў, бул бағдардағы экспорт көркеткишин 150 миллион доллардан кеминде 300 миллион долларға арттырыў бойынша қарар жойбарын таярлаўы зәрүр.

Биз жақында раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесинен келип шығып, турмысымызға жаңа инновациялық технологиялар енгизиў көлемин буннан былай да кеңейтиў мақсетинде Инновацияларды раўажландырыў министрлигин шөлкемлестиргенимизден хабарыңыз бар. Усы министрлик бул бағдарда айрықша бағдарлама ислеп шығып, аўыл хожалығы саласына алдынғы технологияларды енгизиў илажларын әмелге асырыўы оғада әҳмийетли мәселе болып табылады.

Академик Маҳмуд Мирзаев атындағы Бағшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институтының жумысын терең талқылаған ҳалда жүзимниң санаатқа қолайлы сортларын, лимон ҳәм мийўели терек нәллерин жетистириў – ҳәзирги дәўирдиң талабы болып табылады. Тилекке қарсы, усы институттың ҳәзирги ўақыттағы жағдайы бүгинги норма менен талапқа улыўма жуўап бермейди.

Дән ҳәм собықлы егинлер илимий-изертлеў институтының Ғәллеарал илимий-тәжирийбе станциясы негизинде Суўғарылатуғын жерлер институтын шөлкемлестириўди заманның өзи талап етпекте. Бундай илимий-изертлеў орайы суўғарылмайтуғын жерлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша заманагөй илимий-излениўлерди буннан былай да кеңейтиў имканиятын жаратады.

Елимизде қусшылықты раўажландырыў, соның ишинде, түйе таўық, бөдене, ғаз, үйрек ҳәм страус (туйе қус) өсириўди илимий тийкарда жолға қойыў мақсетинде Қусшылық илимий орайын шөлкемлестириў зәрүр, деп ойлайман.

Халқымызды ең көп тутынатуғын азық-аўқат түрлеринен бири болған картошка менен тәмийинлеў ушын бизге жылына орташа 50 мың тонна сапалы картошка туқымы керек болады. Бул ушын Голландия, Польша, Россия сыяқлы мәмлекетлер менен биргеликте заманагөй лаборатория үскенелерине ийе болған жергиликли туқымгершилик орайын ҳәм арнаўлы кәрханалар шөлкемлестириўимиз керек.

Сегизиншиден, фермер хожалықларында ҳәр бир қарыс жерден өнимли пайдаланыў, дәраматтың көлемин арттырыў мәселесине де айрықша әҳмийет қаратыўымыз зәрүр.

Усы мақсетте бар 2 миллион 626 мың гектар жердиң улыўма узынлығы 385 мың километр болған шетки бөлеклеринде овощ ҳәм палыз егинлерин егиўди жолға қойыў арқалы 415 мың тонна қосымша өним жетистириўге ерисиў мүмкин.

Әпиўайы есап-санақлар соны көрсетпекте, ҳәзирги ўақытта ҳәр бир фермер хожалығының атызында бир бастан, жәми 14 мың саўын сыйыр, 21 мың 125 фермер хожалығының ҳәр биринде 50 бастан, жәми 1 миллион 57 мың қус, 66 мың фермер хожалығының атыз шетлеринде 329 мың қуты пал ҳәрре бағыў есабынан 7 мың 200 тонна пал жетистириўди жолға қойыў мүмкин.

Жүзеки қарағанда, бул әпиўайы сөзге қусайды. Егер мәселеге анық қатнас жасап, ҳәр бир санның тийкарындағы мәнисти терең аңлап жетсек, булар дийқанларымыз ушын қосымша дәрамат дәреги екени белгили болады.

Келеси жылы айрықша итибар қаратылыўы зәрүр болған және бир әҳмийетли бағдар – бул суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақларының бойларында, ири гидротехникалық қурылмалар әтирапындағы майданларда ҳәм атыз шетлеринде әпиўайы және арзан усылларда 30 мыңнан аслам ықшам ыссыханалар  шөлкемлестириўден ибарат.

Тоғызыншыдан, пахта ҳәм ғәлле егилип атырған рентабельлиги төмен жерлерди жылдан-жылға қысқартып, олардың орнына интенсив бағлар, ғоза атызларын ҳәм жүзимзарларды қурыў, сондай-ақ, дәраматлы болған соя, бурыш ҳәм көк шөплер егиў режелестирилген.

Елимизде рапс жетистириўди кеңейтиўге  де айрықша итибар қаратылмақта.

Соның менен бирге жеңил санаат кәрханаларын сапалы талшық пенен тәмийинлеў туўралы да анық ойлаўымыз керек. 2018-жылы елимизде жетистирилип атырған 1 миллион 200 тонна пахта талшығын елимизде толық қайта ислеп, шет елге тек ғана таяр өнимлерди экспорт етиўди жолға қойыўымыз зәрүр.

Наўайы ўәлаятының Қизилтепа районында әмелде қолланған – пахта жетистириўден баслап, оннан таяр өним ислеп шығарыўға шекемги болған басқышларды өз ишине қамтып алған кластер  усылына биз Өзбекистан пахташылығының келешеги сыпатында қарамақтамыз.

Бул перспективалы тәжирийбени кеңнен ен жайдырыў мақсетинде елимиздеги отыздан аслам жеңил санаат кәрханасына төрт жүз мың гектардан зыят пахта майданлары бириктирип бериледи.

Өзбекистан Республикасы Бас министри Абдулла Нигматович Ариповқа тийисли комплекс басшылары, Экономика ҳәм Қаржы министрликлери, Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте усы мәселе бойынша қарар жойбарын 15 күн мүддетте ислеп шығыў, ўәлаят ҳәкимлерине жойбар басламашылары ушын барлық зәрүр шарятты жаратып бериў ўазыйпасы тапсырылады.

Қалған пахта майданларында зүрәәтлиликти арттырыў ҳәм жерден нәтийжели пайдаланыў мақсетинде шигитти «қосқатар» ҳәм «алпыслық» схемасы тийкарында егиўди жолға қойыў ҳәм нәтийжесиз болған «тоқсанлық» схемасынан басқышпа-басқыш ўаз кешиў керек. Сондай-ақ, қытайлы илимпазлар менен биргеликте Ферғана, Әндижан ҳәм Наманган ўәлаятларында ғоза өсириўди заманагөй технологиялар тийкарында алып барыўымыз зәрүр. Сурхандәрья, Самарқанд ҳәм басқа да ўәлаятларда тамшылатып суўғарыў технологияларын кеңнен енгизиўимиз зәрүр.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Бүгинги күнде алдымызда турған ең тийкарғы машқалалардан бири бул – республикамыздың аўыл хожалығында илимниң ҳәм әмелияттың бир-биринен узақласқаны, көпшилик жағдайларда байланыссыз қалғаны болып табылады.

Бир ҳақыйқат бәршемизге жақсы белгили: илим ҳәм излениў болмаған жерде ҳеш қандай раўажланыў, көтерилиў ҳәм улыўма бирде-бир саланың келешеги болмайды.

Тилекке қарсы, соңғы 20 жыл даўамында биз аграр тармақты илим жетискенликлери тийкарында раўажландырыўға толық итибар бермедик, итибарсызлығымыз себепли бар илимий-тексериў институтлары қаржы машқалалары ийиримине, аянышлы жағдайға түсип қалды, атап өтиў орынлы болса, «шала жан» болып қалды.

Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги жанындағы Өзбекистан аўыл хожалығы илимий-өндирислик орайы (бурынғы Өзбекистан аўыл хожалығы илимлери академиясы) қурамында ҳәзирги ўақытта 11 илимий-изертлеў институты ҳәм 44 илимий тәжирийбе- станциясы бар. Буннан тысқары, тиккелей Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги системасында 4 жоқары билимлендириў мәкемеси ҳәм олардың 3 филиалы, сондай-ақ, 132 кәсип-өнер колледжи жумыс алып бармақта. Бирақ Ташкент мәмлекетлик аграр университети, Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты, Әндижан ҳәм Самарқанд аўыл хожалығы институтларының илимий потенциалы ҳәм кадрлар таярлаўдағы абыройы жылдан-жылға төменлеп бармақта. Егер өткен әсирдиң 80-90-жыллары менен салыстыратуғын болсақ, усы жоқары билимлендириў мәкемелеринде илимий, педагогикалық ҳәм әмелий тәжирийбе бағдарында потенциал кескин төменлеп кеткен.

Аўыл хожалығында анық өлшемлер тийкарында кадрлар таярлаўдың бирден-бир системасы жоқ. Оған министрликлер ҳәм жоқары билимлендириў орынларының басшылары да улыўма итибар қаратпай атыр десек, әйне хақыйқатты айтқан боламыз.

Бүгин жоқары билимлендириў мәкемесинде ямаса колледжде оқып атырған студент ертең қай жерге жумысқа барады, әмелиятта оның билими менен қәнигелигине қандай талаплар қойылады. Ол усы талапларға жуўап бере ме – жоқ па – оны ҳеш ким билмейди.

Ҳәттеки, сондай-ақ, дәрежеге барып жетти, аудиторияда студентке басқа нәрсе оқытылады, әмелиятта болса оннан улыўма басқа билим ҳәм көнликпе талап етиледи. Аграр тармақтағы бирде-бир жоқары ямаса орта арнаўлы билимлендириў мәкемеси өндиристиң ямаса әмелияттың анық буйыртпасы бойынша қәнигелер таярлаған жоқ, тилекке қарсы, бул бағдарда елеге шекем ҳәрекет те басланбаған. Солай екен, маман ҳәм бәсекиге шыдамлы қәниге-кадрлар таярлаў ҳаққында қалай сөз етиўимиз мүмкин.

Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының таяныш оқыў орынлары ҳәм оқыў-методикалық орай сыпатында белгиленген еди. Бирақ ҳәр еки билимлендириў мәкемесиниң басқармасы да бул бағдарда өз ўазыйпасын толық атқарып атырған жоқ. Әндижан ҳәм Самарқанд аўыл хожалығы инситутларының жумысын болса қанаатландырарлы деп болмайды.

Бүгинги дәўир соны талап етпекте, жоқары билимлендириў мәкемелери менен колледжлердеги оқыў бағдарламалары өндирис, фирмалар менен компаниялардың анық талаплары ҳәм буйыртпалары тийкарында дүзилиўи ҳәм бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлап бериўи керек.

Егер талап болса, жоқары билимлендириў мәкемеси менен колледж қәниге таярлаўы керек, белгили бир бағдар бойынша питкерип атырған кадрларға талап болмаса ямаса кадрлардың билими ҳәм илимий дәрежеси төмен болса, бундай оқыў мәкемеси жабылыўы зәрүр.

Бул бағдарда бир мысал келтиремен. Ферғана ойпатлығында бир неше жыллардан берли зыянкеслер пахта майданларына сезилерли дәрежеде зыян келтирип атыр. Бирақ, ойпатлықтағы бирде-бир оқыў орнында илимпазлар ҳәм қәнигелер бундай кеселликлерге қарсы гүресиў туўралы анық бас қатырып атырған жоқ.

Әне, усындай өткир ҳәм турмыслық машқалаларды шешиў ҳәм зәрүр шешимлерди табыў мақсетинде төмендеги әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў талап етиледи.

Бириншиден, кадрлар таярлаўды түп-тийкарынан жақсылаў, жоқары билимлендириў мәкемелери профессор-оқытыўшылары ҳәм илимий-изертлеўшилериниң мийнет ҳақысының муғдарын, соның ишинде, жаңа оқыў жылынан баслап докторантлардың стипендияларын сезилерли дәрежеде арттырыў бойынша Қаржы министрлиги (Ж.Қўчқорв) усыныс таярласын.

Соның менен бирге, саладағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим бериўдиң дәрежесин арттырыў ушын оларды модернизациялаў бағдарламасын 2021-жылға шекем созбай, 2019-жылдың ақырына шекем жуўмақлаў мақсетке муўапық болады.

Аўыл хожалығы қәнигелерин магистратурада контракт тийкарында оқытыў илимий кадрлар таярлаўға анық тосқынлық етип атырғаны бәршемизге белгили. Сол ушын жаңа оқыў жылынан баслап аўыл хожалығының тар қәнигеликлери бойынша магистратурада кадрлар таярлаўды толық бюджет грантлары есабына өткериў усыныс етиледи. Бул мәселе бойынша Қаржы министрлиги тийисли шөлкемлер менен биргеликте 10 күнде усыныс киргизсин.

Екиншиден, аўыл хожалығы саласындағы илимий бағдарламаларды қаржыландырыўға Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылып атырған қаржыларды 2017-жылдағы 39 миллиард сумнан 2-3 жылда 150 миллиард сумға жеткериў тапсырылады.

Соның менен бирге, агросанаат комплекси қурамындағы 14 илимий-изертлеў институтын соңғы 2 жылда Мәмлекетлик бюджеттен базалық қаржыландырыўға өткериў зәрүр.

Усыларға қосымша түрде аўыл хожалығы саласындағы илимий мәкемелерди заманагөй лаборатория әсбап-үскенелери менен тәмийинлеўге 20 миллион доллар ажыратыў Қаржы министрлигине тапсырылады. Оннан гөзленген мақсет – илимий-изертлеў институтлары ҳәм олардың илимий-тәжирийбе станцияларын заманагөй аўыл хожалығы техникасы ҳәм әсбап-үскенелер менен тәмийинлеўди түп-тийкарынан жақсылаўдан ибарат.

Үшиншиден, жоқарыдағы тапсырмалар бойынша Бас министрдиң орынбасралары З.Мирзаев ҳәм Ж.Қўчқоров бир ай мүддетте Президент қарары жойбарын киргизсин.

Қарар жойбарында аўыл хожалығында илимий излениўлерди қаржыландырыў ҳәм инновациялық қолланбаларды қаржылай қоллап-қуўатлаўға бағдарланған арнаўлы қор дүзиў туўралы усыныс нәзерде тутылсын. Қордың дәреги сыпатында айырым өнимлерге салынатуғын акциз салығының қатаң белгиленген ажыратпаларын белгилеўди усыныс етемен.

Соны айрықша атап өтиў керек, аўыл хожалығында нәтийжелиликти арттырыў ушын барлық дәрежедеги басшылар, әсиресе, районлардағы 4 сектор басшыларының жуўапкершилигин күшейтиў талап етиледи.

Министр бола ма, ўәлаят яки район ҳәкими бола ма – барлық басшылар аўыл хожалығы мәселелери, яғный азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша баслама көрсетип ислеўи, ең әҳмийетлиси, нәтийжелиликке ерисиўи шәрт.

Аўыл хожалығы саласында атына, көз бояўшылық пенен жумыс ислеп, нәтийжеге ерисип болмайды. Мәселеге әне, усы көз-қарастан қараған ҳалда, жумыстағы нуқсанлары менен кемшиликлери ушын Жиззақ ҳәм Ташкент ўәлаятлары ҳәкимлерин, бир қатар министрлер ҳәм районлардың ҳәкимлерин алмастырыўға туўра келеди.

Ўақтында алды алынбаса, ҳәр бир жумысқа жуўапкершилик пенен қатнас жасалмаса, бундай анық кемшиликлер аўыл хожалығы өнимдарлығына ҳәм нәтийжелиликке унамсыз тәсир ететуғынын барлық басшылар жақсы түсинип жетиўи зәрүр.

Жоқарыда айтылған режелер менен бағдарламаларды әмелге асырыў ушын бизде күш ҳәм имканиятлар, билим ҳәм тәжирийбе жетерли. Сөз тек ғана жумысты пидайылылық ҳәм исшеңлик пенен, дурыс және нәтийжели шөлкемлестириўимизге байланыслы.

Ҳүрметли досларым, қәдирданларым!

Бул дүньяда бәримиз жақсы ҳәм пәк нийетлер менен жасаймыз.

Ҳәммемиз перзентлеримиздиң, ақлықларымыздың камалын көрсек, елимиз тыныш, халқымыз абадан турмыста жасаса, деп нийет етемиз.

Егер бүгин Өзбекистанда алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттан гөзленген тийкарғы мақсетти әпиўайы сөзлер менен келтиретуғын болсақ, ол бәринен бурын, халқымыздың жүрегиндеги әне, усындай жақсы арзыў-нийетлерди әмелге асырыўға қаратылған.

Соңғы бир жыл даўамында ел-халқымыз бенен болған пикирлесиўлер даўамында мен бул ҳақыйқатқа және бир мәрте исендим.

Биз алдымызға қойған, ҳәр бир ўатанласымыздың жүрегинде саза берип атырған әне, усы уллы мақсетлерди әмелге асырыўға ең көп үлес қосып атырған, келешекте де үлкен үлес қосатуғын инсанлардың қатарында бәринен бурын, сиз, әзизлерди көремиз.

Бәриңизди, сизлер арқалы өз турмысын аўыл хожалығы саласы менен, әсиресе, қайыр-сақаўатлы топарығымыз бенен байланыстырған пидайы инсанларды, пүткил халқымызды бүгинги қутлы байрам менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.

Әзиз Ўатанымыздан ҳеш қашан тынышлық-татыўлық, шаңарақларымыздан қут-берекет арымасын!

Алла тааланың өзи барлық ислеримиздиң сәтин берсин.

Жаңа жылда барлық егинлерден зүрәәтимиз және де мол, қырманымыз ҳәр қашанғыдан да бәлент болсын!

Өзбек топырағы, өзбек дийқаны бәрҳама бар болсын, аман болсын, оған бәрқулла уллы шеклер яр болсын!

Және бир мәрте бәршеңизге үлкен рахмет.