Әмелдеги тәртипке муўапық, ҳәр жылы 1-июньнан 31-августқа шекем республикадағы барлық мектеплердиң 1-класына қабыллаў процесслери әмелге асырылып келинген. Буның ушын ата-аналар тиккелей мектеплерге барып, ҳүжжетлерди тапсырған.

 

Карантин шараятында буны әмелге асырыў, яғный ата-аналардың билимлендириў мәкемелерине жазғы мәўсимде де келиўин тәмийинлеўде машқала жүзеге келеди.

 

Бул мәселеде Халық билимлендириў министрлиги өз усынысларын ислеп шықпақта, деп жазады «Sof.uz».

 

Өзбекстан Республикасының Президенти қатнасыўында 2020-жыл 30-апрельде өткерилген жыйналыстың 28-санлы протоколына муўапық, республикамызда карантин шеклеўлери басқышпа-басқыш жумсартылып атырғанлығын есапқа алып, пандемия тәсири толық сапластырылғанға шекем 1-классқа қабыллаў процеслери июнь айынан июль ҳәм август айына көшириў белгиленген.

 

Буның нәтийжесинде:

 

Ата-аналардың мектеплерге барыўын шеклеў арқалы карантин қағыйдаларына толық әмел етилиўи тәмийинленеди.

Июнь айында улыўма билим бериў мектеплери питкериўшилериниң ҳүжжетлерин рәсмийлестириў арқалы жоқары оқыў орнына ҳүжжетлерди тапсырыўға таярлайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.