Бүгин, 28-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз төртинши сессиясы болып өтти.

 

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды.

 

Сессия күн тәртибине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 81-статьясының 4-бәнтине ҳәм «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Нызамның 14-статьясына муўапық, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары лаўазымына сайлаў мәселеси көрип шығылды.

 

«Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Нызамның 13-статьясына муўапық, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары етип депутатлар арасынан 31-санлы «Орта қала» сайлаў округинен депутат Давлетов Атабек Ильхамович жасырын даўыс бериў жолы менен сайланды.

 

Мағлыўмат ушын, Атабек Давлетов 1972-жылы Әмиўдәрья районында туўылған. 1995-жылы К.А.Тимирязев атындағы  Москва аўыл хожалығы академиясы, 2004-жылы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс академиясын тамамлаған. Ол мийнет жолы даўамында бир қатар жуўапкерли лаўазымларда жумыс ислеген.

 

А.Давлетов бүгинги күнге шекем «Қарақалпақагрохимияқорғаў» акционерлик жәмийети директоры болып ислеп келди.

 

Еслетип өтемиз, усы күнге шекем Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары лаўазымында А.Ҳамраев ислеп келген еди. Ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2020-жыл 13-майдағы қарары менен Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри лаўазымына тайынланған еди.

 

Сессия ҳаққында толық мағлыўматларды сайтымыз арқалы оқып барың.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.