Жөнелисли таксилердиң (маршрутка) санитариялық қағыйдаларға әмел еткен ҳалда жолға қойылыўы жобаластырылып атыр ма? Ҳәзирги ўақытта көпшиликти қызықтырып жүрген бул сораўға ӨзР ИИМ баспасөз хаткери Ш.Ғиёсов төмендегише жуўап берди:

 

«Коронавирус инфекциясының тарқалыў жағдайының аймақлар кесиминдеги анализи, кеселлик анықланған наўқаслардың емлениў (саўалыў) динамикасының жағдайынан келип шығып, санитариялық қағыйдалар ҳәм нормаларды сақлаған ҳалда, белгиленген шеклеўлер басқышпа-басқыш бийкар етип барылады».

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.