Афғонистон Президенти Бухорога келди

Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Муҳаммад Ашраф Ғани елимизге рәсмий сапар етиўи шеңберинде 6-декабрь күни Бухарада болды.

Жоқары мәртебели мийманды Бухара халықаралық аэропортында Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Арипов, Бухара ўәлаятының ҳәкими У.Барноев күтип алды.

Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Ашраф Ғани Бухара мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери менен ушырасты.

Бул университет Өзбекистандағы ири билимлендириў орынларынан болып табылады. Жоқары оқыў орнының 8 фаультетинде 7 мыңнан аслам студент ҳәм магистр билим алмақта. Елимиздиң билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған избе-из реформалардың нәтийжесинде усы жоқары оқыў орнының материаллық-техникалық базасы беккемленип, тийисли шараятлар жаратылды, заманагөй кадрлар таярлаўдың сапасы артты.

Аўғанстан Республикасы университеттиң профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери алдында баянат жасады.

Муҳаммад Ашраф Ғаниге Бухара мәмлекетлик университетиниң ҳүрметли докторы атағы берилгени ҳаққында диплом тапсырылды.

Дүнья илиминде ҳәм ислам дүньясында үлкен орын ийелеген Бухара қаласын зыярат етиў әрманым еди. Бул имканиятты жаратып бергени ушын ҳүрметли Президент Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен миннетдаршылық билдиремен. Өзбекистан топырағынан Имам Бухарий, Имам Термизий сыяқлы уллы уламалар жетилисип шыққан. Бул жерде билим алып атырған жаслар мине, усындай бабаларына мүнәсип болып тәрбияланбақта, деди Президент Муҳаммад Ашраф Ғани.

Аўғанстан басшысы университеттиң Ҳүрметли мийманлар китабына қол таңбасын қойды.

Күнниң екинши ярымында Президент Муҳаммад Ашраф Ғани басшылығындағы делегация ағзалары Бухара қаласының тарийхый орайына барды. Бул аймақ 1993-жылы ЮНЕСКО шөлкеми тәрепинен Жәҳән мәдений мийрас объекти сыпатында дизимге алынғаны белгили.

Мийманлар Арк қорғаны,  Пойи Калон комплекси қурамына киретуғын Минораи Калон, Калон Мешити ҳәм Мир Араб медресеси және қаланың басқа да дыққатқа ылайықлы орынлары менен танысты. 10 мың адамға мөлшерленген Калон Мешитиниң тарийхы, имараттың архитектуралық уллылығы, сыйыныўшылар ушын жаратылған қолайлықлар да оларда үлкен тәсир қалдырды.

Аўғанстанлы мийманлар пиллени терең қайта ислейтуғын «Бухара Бриллиант  Силк» Өзбекистан-Қытай қоспа кәрханасында жипектен таярланған айқулақ рең гезлемелер менен танысты.

Аўғанстан делегацияларының ағзалары Когон районы аймағында жайласқан уллы бабамыз Баҳаўиддин Нақшбандий естелик комплексинде де болып, Нақшбандия тарийхының ири ғайраткериниң қәбирин зыяратлады. Қуран оқылды.

Усының менен Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Муҳаммад Ашраф Ғанидиң Өзбекистан Республикасына рәсмий сапар етиўи жуўмақланды.

З.ЖОНИБЕКОВ,

Э.ЁДГОРОВ,

ӨзА ның арнаўлы хабаршылары