2020-жыл 1-апрель жағдайы бойынша Нөкис қаласында турақлы жасаўшы халықтың саны 321 мың адамды қурап, жыл басынан 1400 адамға көбейген. Бул ҳаққында қала ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Нөкис қаласы халқының саны республикамыз халқының 16,9 процентин қурайды.

 

Соннан ер адамлар 49,3 процентти, ҳаял-қызлар 50,7 процентти қурайды.

 

Жыл басынан туўылғанлар саны ҳәр мың адамға 19,5 адамды, қайтыс болғанлар саны ҳәр мың адамға 4,1 адамды қурады.

 

Туўылғанлар саны өткен жылға салыстырғанда 3,4 промиллеге, қайтыс болғанлар саны 0,1 промиллеге өскен. Тәбийғый өсим ҳәр мың адамға 15,4 адамды қурады. Некеден өткенлер саны 524 (өткен жылда 555), ал, некеден ажырасқанлар саны 82 (өткен жылда 85) ни қураған.