Елимиздеги уллы байрамлардың бири – 8-декабрь – Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн.

 Бас Нызамымыз болған Өзбекистан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине быйыл 25 жыл толды.

Усы  мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде елимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық, сиясий, социаллық, илимий, руўхый потенциалын ҳәм қорғаныў қүдиретин арттырыў, демократиялық реформаларды тереңлестириў, мәмлекетимиз шегараларының қол қатылмаслығын тәмийинлеў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты сақлаў, Тийкарғы Нызамымыздың турмыстағы орны менен әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўладты нызамға ҳүрмет, Ўатанға меҳир және садықлық руўхында тәрбиялаў жумысларына мүнәсип үлес қосып киятырған бир топар мийнет ветеранлары, тараў қәнигелери ҳәм жасларға  «Өзбекистан Конституциясына 25 жыл» естелик белгисин салтанатлы түрде тапсырыў мәресими болып өтти.

«Өзбекистан Конституциясына 25 жыл» естелик белгилери ҳәм олардың гүўалықларын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Қ.Сариев тапсырды ҳәм қутлықлаў сөз сөйледи.

Илажда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профессоры Ж.Базарбаев шығып сөйлеп,  Конституциямыздың мәнис-мазмуны, оның турмысымыздағы әҳмийети ҳаққында атап өтти.

***

Мине усындай  илаж Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының мәжилислер залында болып өтип, онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов бир топар билимлендириў, баспа сөз, денсаўлықты сақлаў ҳәм жоқары оқыў орынларының хызметкерлерине «Өзбекистан Конституциясына 25 жыл» естелик белгилерин салтанатлы жағдайда тапсырды.

Улыўма республикамыз бойынша 1200 ден аслам ўатанласларымызға усындай естелик белгиси тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги