Социаллық тармақларда «Өзбекстанда екинши ҳаялға үйлениўге рәсмий түрде рухсат берилди» мазмунындағы жалған хабар тарқалды.

 

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги усы хабарға рәсмий түрде мүнәсибет билдирди.

 

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 126-статьясына муўапық, көп ҳаяллы болыў, яғный улыўмалық үй рузыгершилиги тийкарында еки ямаса оннан аслам ҳаял менен ерли-зайып болып жасаў – базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекемги тәртип дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркинлигин шеклеў яки болмаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

 

Сондай-ақ, Шаңарақ кодексиниң 16-статьясына муўапық, егер некелениўшилерден бир тәреп дизимге алынған басқа некеде болған жағдайда, бундай адамлар арасында неке дүзиўге жол қойылмайды.

 

Министрлер Кабинети қарарларының қысқартпасы – ВМҚ етип белгиленеди. ПҚ делингенде Президент қарары нәзерде тутылады.

 

Тарқатылып атырған хабарда көрсетилген қарар 2020-жыл 10-апрель күни Министрлер Кабинети тәрепинен қабыл етилмеген.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Өзбекстанда ҳәзирги ўақытта демографиялық көрсеткиш бойынша ҳеш қандай машқала жоқ. Бир жылда орташа есапта 750-800 мыңға шамалас балалар дүньяға келмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.