Өзбек Миллий академиялық драма театрында илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, әдебият, мәденият, көркем өнер, руўхый- ағартыўшылық, ғалаба хабар қураллары және социаллық саланың басқа да бағдарларында дөретиўшилик мийнет етип атырған жерлеслеримизден бир топарына мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықларын тапсырыўға бағышланған илаж өткерилди.

Арамызда сондай инсанлар бар, олардың жүрегинде Ўатанға муҳаббат сезими оғада терең сәўлеленген. Бундай адамлар елдиң ғамын жеп, халықтың дәрти ҳәм тәшўиши менен жасайды. Олар мейли оқытыўшы, мейли шыпакер, мейли әпиўайы жумысшы, мейли дөретиўши болсын тынымсыз мийнет етпекте, елимиздиң раўажланыўы жолында бар күшин, талантын жумсамақта. Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтың басшылығында әмелге асырылып атырған раўажланыўдың жаңа басқышында бундай инсанлардың қатары және де кеңейди.

2017-жыл – Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылында әне, усындай жерлеслеримизден бир топары мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықланды.

Илажда шығып сөйлегенлер Ўатанымыздың ғәрезсизлигин беккемлеў, миллий идеяны раўажландырыў, руўхыйлығымызды күшейтиў, жасларды ана-Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаў жолындағы жемисли мийнети, жәмийетлик жумысларға белсене қатнасқаны ушын ҳүрметли атақлар ҳәм орденлер менен сыйлықланған ўатанласларымыз ҳәмме ушын ибрат екенин атап өтти.

Әне, усындай жоқары сыйлыққа ийе болғанлардың арасында «Өзбекистан» баспа-полиграфия дөретиўшилик үйиниң 6-разрядлы баспа хызметкери Юсуфжан Эргашев те бар. «Меҳнат шуҳрати» орденин көкирегине таққан бул инсан қырқ жылға шамалас жылдан берли усы салада мийнет етип келмекте. Солай екен, оның баспадан шығарған китаплары кирип бармаған бирде-бир өзбек шаңарағы болмаса керек. Ең әҳмийетлиси, полиграфия шебериниң өз кәсибине садықлығы, жумысқа талапшаңлығы, жоқары кәсиплик маманлығы бүгин көплеген шәкиртлерине тәжирийбе мектеби болмақта.

– Өткен жыллар даўамында музейимизге келген мийманларды талқылағанымызда, олардың көпшилиги жаслар екени анықланды, – дейди Өзбекистан тарийхы мәмлекетлик музейиниң директоры, «Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери» ҳүрметли атағының ийеси Ж.Исмоилова. – Бул болса, бүгин музейлердиң жасларды мәдений, тарийхый, өтмиш, илим естеликлери, халқымыздың турмыс тәризи ҳәм дәстүрлери, көркем өнер дөретпелери менен таныстырыў, оларда ўатанды сүйиўшилик сезимин арттырыўға хызмет етип атырғанынан дәрек береди.

Өзбекистан Илимлер академиясының Геномика ҳәм биоинформатика орайы директорының орынбасары Забардаст Бөриев «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.

– Президентимиздиң басшылығында  елимизде илимниң раўажланыўына айрықша итибар қаратылмақта, – дейди илимпаз. – Соның нәтийжесинде бизиң орай да жаңа имаратқа ийе болды, ең заманагөй лаборатория әсбап-үскенелери менен тәмийинленди. Нәтийжеде орайымызда дүньяда биринши болып жаңа «ген нокаут» технологиясы жаратылып, дүньяның 140 тан аслам елинде патент алыўға миясар болды.

Илажда Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султанов шығып сөйледи.

 

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзА ның хабаршысы