2020-2021-оқыў жылынан баслап Өзбекстан бойынша 47 медициналық колледж Әбиў Әли ибн Сина атындағы жәмийетлик саламатлық техникумлары сыпатында қайта шөлкемлестириледи. Бул Президенттиң 7-апрельдеги қарарында атап өтилген.

 

Ҳүжжет тийкарында, Қарақалпақстан Республикасындағы 3 медициналық колледж техникумға айландырылады.

 

Техникумлардың материаллық-техникалық базасы еле де күшейтиледи, әмелият бөлмелери белгиленген нормативлер тийкарында үскенеленеди, оқыў-симуляциялық аудиториялар шөлкемлестириледи.

 

Техникумларда валеология, медициналық психология, нутрициология, диетология, фармакология, кинезиология, реабилитология ҳәм профпатология пәнлери тереңлестирилген ҳалда оқытылады.

 

Оқыў жобалары ҳәм бағдарламалары алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында ислеп шығылады. Техникумларда сабақлар медициналық жоқары оқыў орынларының тәжирийбели профессор-оқытыўшылары қатнасыўында аралықтан оқытылады.

 

Техникумды табыслы жуўмақлаған питкериўшилер өз тараўына сәйкес болған медициналық жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарлары бойынша оқыўын даўам еттиреди. Олар кириў имтиханларысыз, жеке тәртиптеги сәўбетлесиў арқалы оқыўға қабыл етиледи.

Имтиханларсыз қабыл етилген техникум питкериўшилери медициналық жоқары оқыў орынларының 2-курсынан баслап оқыўын даўам еттиреди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.