Хумбуз овул маҳалласи ҳудудида кўп қаватли еттита уй фойдаланишга топширилди

Өзбекистан Республикасы Конституциясынеың 25 байрамы алдынан пайтахтымыздағы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйынының аймағында жаңаланған үлги жойбарлар бойынша қурылған арзан турақ-жайлар пайдаланыўға тапсырылды.

Жаңа турақ жайларды пайдаланыўға тапсырыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасып, жыйналғанларды Тийкарғы Нызамымыз болған Конституция күни байрамы ҳәм жаңа қоныс жайлары менен қутлықлады.

13.jpg

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 22-ноябрьдеги «2017-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарын орынлаў шеңберинде республикамызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Қарардың  әҳмийети сонда,  бул турақ жайлар жеңилликли кредитлер тийкарында қурылмақта.  Бул болса, халқымыздың, әсиресе, кем тәмийинленген ҳәм жас шаңарақлардың заманагөй және арзан үйлерге болған өсип баратырған талабын қанаатландырыўға хызмет етпекте.

4.jpg

Бир ғана усы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйынының аймағында 315 ханалы 7 турақ жай қурылып, пайдаланыўға тапсырылмақта. Усы жылдың январь айында басланған қурылыс жумысларын «Нукус констант инжиниринг»,  «Шорахан қурылыс монтаж», «Нөкис искер», «Кегейли жаңа дәўир» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң азамат қурылысшылары өз ўақтында сапалы етип питкерип, байрам қарсаңында өз ийелерине саўға етти.

-Конституциямыздың шерек әсирлик байрамы бизиң шаңарағымыз ушын қос қуўаныш алып келди,-дейди Мақсетбай Тәжимуратов. -Балам Айдосқа жаңаланған үлги жойбар бойынша қурылған үш ханалы арзан турақ-жай алыўға миясар болды. Жаңа турақ жайда барлық шараятлар жаратылған. Буның ушын Президентимизге, республикамыз басшыларына шаңарағымыз атынан шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Илаж қатнасыўшылары жаңа турақ жайларда жаратылған шараятлар менен танысты.

Жаңа турақ жайларды тапсырыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.