Өзбекистан ҳәм Қубла Корея Республикалары арасындағы дипломатиялық байланыслардың жолға қойылғанына 25 жыл толды. Мине, шерек әсирден берли еки ел арасында экономика, санаат, газ-химия, автомобиль қурылысы, мәденият, денсаўлықты сақлаў тараўларындағы бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилди. Буған айқын мысал ретинде Әндижан ўәлаяты Асака қаласындағы автомобиль ислеп шығарыў заводы, Сүргил газ кәни негизинде Үстирт газ-химия комплексиниң пайдаланыўға тапсырылыўы және жақында ғана елимиз Президенти Ш.Мирзиёевтың Корея Республикасына мәмлекетлик рәсмий сапарын атап өтсек болады. 

Усы жыл 5-декабрь күни  Корея Республикасының Өзбекистандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Квон Ён У ҳәм оның зайыбы Ким Хи Вон еки күнлик сапар менен  республикамызға келди.

Кореялы мийманлар ҳүрметине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде қабыллаў мәресими болып өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев елши мырзаны жыллы жүзлилик жағдайында қабыл етип, еки ел арасындағы ҳәр тәреплеме байланыслардың жаңа басқышқа көтерилип, унамлы нәтийжелерге ерисип атырғанын атап өтти.

Өз гезегинде мырза Квон Ён У жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ҳәм көрсетилип атырған миймандослығы ушын ҳүкимет басшысына миннетдаршылық билдирип, өз-ара байланыслардың буннан былай да раўажлана беретуғынына исеним билдирди.

Қабыллаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

Күнниң екинши ярымында мийманлар Тақыятас районындағы «Тақыятас ыссылық станциясы» акционерлик жәмийетинде кореялы қәнигелердиң қатнасында алып барылып атырған жумыслар менен танысты ҳәм бул жойбарды әмелге асырыўда қатнасып атырған қәнигелер және исбилерменлер топары менен сәўбетлесиў алып барды.

6-декабрь күни мийманлар пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлектлик Қуўыршақ театрында «Корея кино күнлери»ниң ашылыў салтанатына қатнасты. Сондай-ақ, елши мырза республикамыздың басқа да дыққатқа сазаўар орынларын барып көрди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги