Европаның тийкарғы футбол жарысы Чемпионлар лигасы қашаннан баслап даўам ететуғынлығы ҳәм финал ойыны қашан өткерилетуғынлығы белгиленди.

УЕФА коронавирус пандемиясына байланыслы тоқтатылған Чемпионлар лигасын август айының 7-8-сәнелеринен баслаўды жобаластырмақта. Ал Европа лигасы бираз ерте – 2-3-август күнлеринен баслап даўам етиўи күтилмекте.

Жобаға муўапық, финал ойынын август айының ақырында өткериўге үлгериў мақсетинде ойынлар үш күннен қойылған.

Мағлыўмат ушын, Европа чемпионлар лигасы коронавирусқа байланыслы 1/8 финал басқышында тоқтатылған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.