Мәлим болғанындай, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Россияға мәмлекетлик сапары даўамында көплеген мәмлекетлераралық ҳәм халықаралық келисимлер менен шәртнамаларға қол қойылды. Олардың бири «Өзбекистан Республикасы Ҳүкимети менен Россия Федерациясы Ҳүкимети арасында Россия Федерациясы аймағында ўақтынша мийнет етиўин әмелге асырыў ушын Өзбекистан Республикасы пуқараларын шөлкемлескенлик жағдайында тартыў және жумысқа қабыллаў ҳаққында»ғы келисим болып есапланады.

Усы келисим шеңберинде әмелге асырылған илажлар туўралы Сыртқы мийнет миграциясы мәселелери бойынша агентликтиң Нөкис филиалы баслығы Азамат Ачилов пенен сәўбетлесип, қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Усы келисимди әмелге асырыўға нелер себепши болды?

– Сыр емес, елимизде көп ўақытлардан берли жумысшы күшиниң ҳәрекет етиў барысын ҳәм оны ҳуқықый жақтан тәртипке салыўды еле де жетилистириў зәрүрлиги бар еди. Россия Федерациясы аймағында ўақтынша мийнет ислеп атырған мигрантларымыздың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў әҳмийетли мәселе болды.

Өзбекистан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы бул келисимге қол қояр екен, усы еллер арасындағы мәмлекетлераралық қатнасықлардың тийкарлары, дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы 1992-жыл 30-майдағы Шәртнама, Өзбекистан Республикасы менен Россия Федерациясы арасында стратегиялық шериклик ҳаққындағы 2004-жыл 16-июньдеги Шәртнама ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы шеңберинде 1994-жыл 15-апрельде қол қойылған мийнеткеш мигрантларды социаллық қорғаў ҳәм мийнет миграциясы тараўында бирге ислесиў туўралы келисимлерге ҳәм басқа да ҳүжжетлерге тийкарланды.

Келисим Россия Федерациясы аймағында ўақтынша мийнет етиў ушын Өзбекистан Республикасы пуқараларын шөлкемлескенлик жағдайында тартыў ҳәм жумысқа қабыл етиўде тәреплердиң бирге ислесиўиниң тәртибин ҳәм шәртлерин белгилеп береди.

-Ҳәр қандай ҳүжжет қағаздан турмысқа ениўи ушын оны әмелге асыратуғын механизмлер менен бирге жуўапкер ўәкилликли мәкемелер болады. Усы келисимниң әмелге асырылыўына еки тәрептен қайсы мәкеме ҳәм шөлкемлер жуўапкер етип белгиленген?

– Олар Өзбекистан Республикасында – Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Сыртқы мийнет миграциясы мәселелери агентлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Россия Федерациясында – Россия Федерациясы ишки ислер министрлиги, Мийнет ҳәм бәнтлик бойынша федерал хызмет, Сыртқы ислер министрлиги, Билимлендириў ҳәм илим министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги.

Мийнет мигрантларын шөлкемлескенлик жағдайында тартыўда, қабыл етиўди әмелге асырыўда өз ўәкилликлери шеңберинде Россия Федерациясы Мийнет ҳәм социаллық қорғаў министрлиги, Мийнет ҳәм бәнтлик бойынша Федерал хызмет Россияның нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жумысшыларға, жумыс бериўшилерге, бос жумыс орынлары ҳәм вакант орынлар, жумыс өзгешелиги, мийнет ҳақы, жумыс режими, билимлендириў, кәсиплик билимлер, көнликпелер, жумыс стажына, тәжирийбесине болған талаплар, жумыс бериўши тәрепинен шет елли жумысшыға усыныс етилетуғын қосымша социаллық кепилликлер туўралы мағлыўматты мәлимлеме-таллаў системасында жайластырыў бойынша жумысларды шөлкемлестиреди. Мийнет нызамшылығы ҳәм мийнет нормалары бар болған басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге бойсыныў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады.

Комплексли сынақлар өткериў ҳәм тийисли сертификат бериў мақсетинде Россия аймағында ўақтынша мийнет ислемекши болған шет елли пуқаралар ушын комплексли имтиханларды өткеретуғын шөлкемлер Өзбекистан Республикасы шөлкемлери менен келисим дүзиўи мүмкин.

Россия Федерациясы Ишки ислер министрлиги аймақлық уйымлардың мийнеткеш мигрантларына Россияның нызам ҳүжжетлерине муўапық руқсатнаманы рәсмийлестириў ҳәм бериў бойынша жумысларды шөлкемлестиреди және миграция тараўында федерал мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады.

– Өзбекистанның мәкеме ҳәм шөлкемлери не ислейди?

– Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер миграциясы мәселелери агентлиги елимизде пуқаралардың Россияға мийнеткеш-мигрантларды шөлкемлескенлик жағдайында тартыў ҳәм жумысқа қабыллаў тәртибинде жумысқа орналасыў имканиятлары туўралы хабардар етиў жумыслары менен шуғылланады. Тийисли қәнигеликке ҳәм тәжирийбеге ийе болған пуқаралар арасынан талабанларды таңлаўды әмелге асырады. Россия аймағында ўақтынша мийнет ислеўди режелестирип атырған пуқаралар ушын Россия Федерациясының нызам ҳүжжетлерине муўапық комплексли имтиханлар өткеретуғын шөлкемлер менен бирге ислесиўди әмелге асырады. Оларды Россия Федерациясы Билимлендириў ҳәм илим министрлиги тәрепинен комплексли имтиханларды тапсырыў бойынша усыныс етилген оқыў-методикалық материалларға муўапық оқытады ҳәм жумысқа кириўди қәлеўшилерди медициналық тексериўден өткериўди шөлкемлестиреди. Жумыс бериўшилер менен талап етилип атырған қәнигелик ҳәм тәжирийбеге ийе болған талабанларды, сондай-ақ, мийнет шәртнамаларының жойбарларын келиседи және олардың жумыс ислеў орынларына жетип барыўын шөлкемлестиреди.

Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жумысқа орналаспақшы болған пуқараларда руқсатнама (патент) алыўға тосқынлық етиўши кеселликлер болыўы фактлериниң алдын алыў мақсетинде олардың денсаўлығының жағдайын қадағалап барады.

Ишки ислер министрлиги болса, жумысқа кириўшилердиң халықаралық ямаса мәмлекетлераралық излеўде екенлигин, сондай-ақ, шығыўға тосқынлық етиўши басқа да себеплерди, Өзбекистанда ҳәм Россияда жынаят деп есапланатуғын жынаяты ушын тамамланбаған ямаса алып тасланбаған судланғанлығын тексереди.

Жумыс бериўши бос жумыс орынлары ҳәм вакант лаўазымлар, соның ишинде, мийнет ҳақы, билимлендириў, кәсиплик билимлер, көнликпелер, мийнет стажына болған талаплары, жумыс бериўши тәрепинен усынылатуғын қосымша социаллық кепилликлер туўралы мағлыўматты мәлимлеме-таллаў системасында Россия Федерациясы нызам ҳүжжетлерине белгиленген тәртипте жайластырады.

– Россияда мийнет етип атырған пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери қай дәрежеде қорғалмақта?

– Жумыс бериўши мийнеткеш мигрантларды шөлкемлескенлик жағдайында жумысқа қабыл етиўде қатнасыўының мәжбүрий шәртлери, зәрүрий санитариялық-гигиеналық ҳәм басқа да нормаларға муўапық жасаў орынлары, мийнеттиң қәўипсиз шәртлери ҳәм мийнетти қорғаў, сондай-ақ, жумыс орынларында техника қәўипсизлигин тәмийинлеў, Россия Федерациясы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ең кем дәрежеден аз болмаған кепилленген мийнет ҳақы бериўи болып есапланады.

– Онда нызамсыз түрде шет елде мийнет етип атырған пуқаралар қандай машқалаларға ҳәм қәўиплерге дус келиўи мүмкин?

– Өз билгенинше ямаса қандайда бир танысының үгитлеўи менен яки интернеттеги дағазалар арқалы шет елге шығып атырған пуқаралар ең дәслеп буның нызамсыз екенлигин билиўи керек. Себеби, Өзбекистан нызамшылығы ҳәм Ҳүкимети тәрепинен орнатылған тәртип бойынша Өзбекистан пуқаралары тек ғана Сыртқы миграция мәселелери агентлиги арқалы шет елде мийнет етиўи мүмкин. Саяхат сапары яки билим алыў ямаса кеселлигин емлетип қайтыў буған кирмейди.

Нызамсыз түрде мийнет етип атырған мигрант ең дәслеп нызамсыз түрде барғаны ушын турақлы түрде жәбир көреди. Оны полицияның қолына түсиў, жазаланыў ҳәм депортация етилиў сыяқлы машқалалар күтеди. Бундай жағдайда ол аңсат түрде адам саўдасының қурбанына айланыўы, қул етип ислетилиўи, денесин сатыўға, тиленшилик етиўге мәжбүрлениўи, ҳәр қыйлы террористлик ҳәм экстремистлик топарлардың қолына ҳәм аңсат жол менен пул табыў ўәдеси менен нықапланған дузақларға түсип қалыўы мүмкин. Егерде ол жумыс тапса да, ислесе де, нызамлы шәртнама тийкарында ислемеўи, қуры аўыз-еки келисиў менен шекленгени ушын мийнет ҳақысын толық ҳәм өз ўақтында алмаўы, дене жарақатын алған ямаса кеселленген ўақтында социаллық қорғалыўсыз, даўасыз болыўы мүмкин. Сондай-ақ, оны жумыс шараятының аўырлығы, мийнет қәўипсизлиги тәмийинленбегенлиги, жумыс ўақтының шекленбегенлиги (8 саат емес, 14-18 саатлап ислетиў), мийнет ислеўге мәжбүрлениўи, алдаўшылық, миллетшилик жәбирин шегиўи сыяқлы қәўиплер де күтеди ҳәм бундай фактлер көплеп ушыраспақта.

– Нызамлы ислеўдиң жоллары қандай?

– Өзбекистан Республикасы пуқараларын шөлкемлескенлик жағдайында жумысқа тартыў ҳәм қабыл етиў ушын жумыс бериўши жибериўши шөлкем менен шәртнама дүзеди. Жумыс бериўши ҳәм мийнеткеш-мигрант Россия Федерациясының нызам ҳүжжетлерине бойсыныўы керек. Олар бул нызам ҳүжжетлерине бола дем алыў ҳуқықына ийе, сондай-ақ, олар жумыс бериўши менен келисилген ҳалда Өзбекистан Республикасының рәсмий байрам күнлеринде жумыстан азат етилиўи де мүмкин.

Мийнеткеш мигрантлардың дәраматларын салыққа тартыў Россия Федерациясы нызам ҳүжжетлерине ҳәм тәреплердиң салыққа тартыў тараўындағы халықаралық шәртнамаларына муўапық әмелге асырылады.

– Нызамлы түрде шет елде мийнет ислейтуғын пуқараларымыз мийнет стажына ийе бола ма ҳәм қартайғанда шет елде жумыс ислегени ушын пенсия алыўы мүмкин бе?

– Мийнет мигрантлары Россия Федерациясы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқық ҳәм миннетлемелерге ийе. Олар Россия Федерациясы нызам ҳүжжетлерине ҳәм тәреплердиң мәмлекетлери қатнасында дүзилген халықаралық шәртнамаларға муўапық социаллық қамсызландырыў (мәжбүрий медициналық қамсызландырыўдан басқа) ҳәм пенсия тәмийнаты ҳуқықына ийе. Жумыс ўақтында бахытсыз ҳәдийсе ямаса кәсиплик кеселликке ушырап мийнет етиўши қайтыс болса ямаса денсаўлығына зыян келсе тийисли гиреў пулы Россия Федерациясы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте төленеди.

Пенсия тәмийнаты ҳәм мийнет стажы мәселеси болса, барлық шет  мәмлекетлерде, соның ишинде, Россияда нызамлы мийнет ететуғын Өзбекистан пуқаралары Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 22-февральдағы 46-санлы қарарына муўапық, шет елдеги жумысы себепли алынатуғын дәраматтан Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорына қамсызландырыў взносларын төлеўи керек. Солай етип, шет елдеги жумысының пенсиясын есаплатыўы, алынатуғын мийнет стажына кириўин, мийнет дәптершесинде белгилениўин ҳәм мийнет ҳақы муғдары есапқа алыныўын тәмийинлеўи мүмкин.

– Мәлим болғанындай, Россияда ислеў ушын патент алыў керек. Бул мәселеде Агентлик қандай жумысларды әмелге асырып атыр?

– Әмелдеги нызамшылыққа бола, патент Россияда бериледи. Өз бетинше ол жерге барған адам дәслеп жасайтуғын үй излейди. Кейин патент алыў ушын имтиханға таярланады, медициналық тексериўден өтеди, ҳүжжет жыйнайды, орыс тили ҳәм тарийхынан комплексли имтихан тапсырады, соң патент алады. Кейин жумыс излейди. Булардың барлығына ҳәптелеп, айырым ўақытлары айлап ўақыт кетеди. Усы дәўир ишинде ол жасаў орны ҳәм жасаўы ушын қаржыны да табыўы керек. Патенттиң қәрежетлери де қымбат.

Ҳәзирги ўақытта келисимге муўапық, Өзбекистанда Россия менен бирликте орайлар ашылмақта. Дәслеп усындай орайлар Санкт-Петербурглы бирге ислесиўшилер менен Самарқандта, Москвалы бирге ислесиўшилер менен Ферғана қаласында тез арада ашылыўы режелестирилген. Олар иске түссе алдағы мийнет мигрантлары өзимизде, өз үйинде имтихан тапсырыўы, қамсызландырыў полислерин рәсмийлестириўи, келисимлер әмелге асса, ҳәттеки медициналық тексериўлерден де өтиўи мүмкин. Оның ўақыты ҳәм қаржысы үнемленеди. Патент қарежетлерин де бир неше мәрте арзан етиў нәзерде тутылған. Ол жумыс излемейди. Таяр жумыс бериўшиге, шәртнамаға, анық жасаў орнына ийе болады. Патент ушын ҳүжжетлерди тапсырады ҳәм Россияға барады. Соң келиўден-ақ патент алады. Солай етип жумысын баслай береди.

Агентлик, ҳәттеки, кем тәмийинленген, қаржысы жетиспейтуғын, бирақ шет елде ислеўди қәлейтуғынлар ушын Банклеримиз бенен Россия банклери, жумыс бериўшилер арқалы жумысқа киргеннен соң, дәслепки мийнет ҳақыларынан үш ай, алты ай ямаса бир жылда төлеў шәрти менен қысқа мүддетли кредитлер ҳәм ссудалар бериў системасын да үйренип шықпақта.

Улыўма алғанда келисим Өзбекистан ҳәм Россия арасындағы мийнет миграциясы барысын нызамлы әмелге асырыў имканиятын жаратады, еки мәмлекет пуқараларының мәплерине хызмет етеди, мийнеткеш мигрантлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғайды, социаллық-экономикалық ҳуқықларына кепиллик береди, сондай-ақ адам саўдасының раўажланыўына себепши болатуғын нызамсыз миграцияның алдын алады.

– Агентликтиң ерискен нәтийжелери туўралы мағлыўмат берсеңиз…

– Өткен ай даўамында филиалымыз тәрепинен республикамыздың пуқараларын шет елге жумысқа орналастырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды. Бул дәўирде бизге жумысқа орналастырыўын сорап  164 пуқарадан мүрәжат келип түсти. Олардың мүрәжатлары тийкарынан Қубла Корея Республикасына, Россия Федерациясына жумысқа орналасыў ҳәм жаратылған шараятлар бойынша болды. Олардың барлығының да мүрәжатлары қанаатландырылды. Россия Федерациясына жумысқа кетпекши болғанлардың көпшилигин (125) қәнигеликке ийе болмағанлар қурайды.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 12-ноябрьдеги «Өзбекистан Республикасы пуқараларының сырт еллердеги мийнет жумысын шөлкемлестириўди жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм басқа да келисимлерге тийкарланып 14-ноябрь күни пайтахтымызда республикамызда жасаўшы пуқаралар менен Владимир областындағы мебель комбинатына ҳәм азық-аўқат кәрханаларына жумысқа алыў бойынша сәўбетлесиў өткерилди. Сәўбетлесиўге 84 пуқара қатнасқан болса, олардың 65 и өтип, олардың 45 и ҳәзирги ўақытта Россияға жумыс ислеў ушын кетти.

Сәўбетлескен:

Әдилбай Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.