Коронавирустан емленген ямаса карантинде болған адамды кемситиў, абыройы ҳәм қәдир-қымбатына зыян жеткериў, оның жеке өмири ҳаққындағы мағлыўматларды тарқатқаны ушын 9 миллион сумға шекемги муғдарда ҳәкимшилик жәрийма белгиленген.

Егер ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан соң усы ҳәрекет қайтадан әмелге асырылса, айыпкерге 22,3 миллион сумға шекемги муғдарда жәрийма ямаса 300 саатқа шекемги мийнет пенен дүзетиў жумыслары сыяқлы жынайы жаза қолланылыўы мүмкин.

Сондай-ақ, пуқараның жеке өмирине байланыслы мағлыўматларды нызамға қайшы түрде жәриялаў аўыр ақыбетлерге алып келсе, айыпкер 44,6 миллион сум жәрийма ямаса 360 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар яки 3 жылға шекем азатлықты шеклеў ямаса 3 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.