Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелерине ҳаял-қызларды қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде таңлаўда қатнасыў ушын усыныслар бериў ҳәм оқыўға қабыл етиўди шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары жойбары жәрияланды.

Оған бола, Республикадағы жоқары билимлендириў мәкемелерине ажыратылған қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде жоқары мағлыўмат алыў тилегинде болған қәбилетли ҳаял-қызлардың таңлаўда қатнасыў ушын усыныслар төмендеги нормалар тийкарында бериледи:

– кем тәмийинленген, турақлы дәраматқа ийе болмаған ҳәм төлем контрактын төлеўге жарамсыз болған шаңарақлар;

– толық емес шаңарақта тәрбияланып атырған, яғный әкеси ямаса анасы қайтыс болған ҳаял-қызлар;

– 14 жасқа шекемги болған еки ҳәм оннан аслам перзентлерди тәрбиялап атырған, басқа да туўысқанларынан өз алдына жасап атырған жалғыз баслы ҳаяллардың (күйеў) қызлары;

– әкеси ямаса анасы майып болған ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлар;

– аўыр турақ жай шараятларында жасап атырған ҳәм турақлы турақ жайға ийе болмаған шаңарақлар;

– ата-аналардан бири ямаса ҳәр екеўи жумыссыз болған кем тәмийинленген ҳәм жумыс излеўши шахс сыпатында халық бәнтлигине жәрдемлесиў орайларында есапта турғанлар;

– майыплығы болған перзенти бар шаңарақлар;

– жоқары мағлыўматлы ҳаял-қызлар менен қамтып алыў дәрежеси республиканың орташа көрсеткишлеринен бир неше есе төмен болған районлар, сондай-ақ, алыс ҳәм барыў қыйын аймақларда жасаўшы шаңарақлардың перзентлери ушын оларды өз аймағында белгили мүддет жумыс ислеў шәрти менен.

 

Инобат АҲАТОВА, ӨзА