Телеграм тармағындағы «Дежурная часть» каналының хабар бериўинше, кеше, 26-март күни ишки ислер уйымларының хызметкерлери Нөкис қаласында көшеде ҳәм жәмийетлик орынларда жеке қорғаныў қуралларысыз (нықапларсыз) ҳәрекетлениў менен байланыслы 142 жағдайды анықлады.

Хабарда жазылыўынша, олар арасында кексе адамлар, балалар ҳәм жас балалы ҳаяллар болған. Жәмийетлик орынларда жеке қорғаныў қуралларысыз (нықапларсыз) жүргенлердиң басым көпшилиги хызмет көрсетиў тараўында ислеп атырғанлар – сатыўшылар, транспорт басқарыўшылары, кийим-кеншек тигиўшилер болған. Барлық ҳуқықбузарларға тийисли шаралар көрилген.

Бул илажлардың барлығы пуқараларымыздың өзлери ҳәм шаңарақ ағзаларының денсаўлығы ушын исленип атырған жумыслар екенлиги хабарда қатаң түрде ескертилип өтилген ҳәм пуқаралардан зәрүрлик болмағанда үйинен шықпаў соралған.

 

Мағлыўмат ушын, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 54-статьясы нықапсыз жүриў ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын бөлим менен толықтырылып, оған муўапық, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыўы және тарқалыўы шараятында ўәкилликли уйымның арнаўлы талапларына қайшы түрде жәмийетлик орынларда нықапсыз жүриў базалық есаплаў муғдарының 5 есесине шекемги (1 миллион 115 мың сум) муғдарда жәриймаға тартыўға себеп болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.