Елимизде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар анық белгиленип, сырт еллерден келген пуқараларға да карантин илажлары қолланылмақта.

Атап айтқанда, Тақыятас районындағы изоляцияланған арнаўлы орында Россиядан келген 100 пуқара өзлериниң, сондай-ақ, басқалардың денсаўлығына зыян жеткерилмеўи мақсетинде карантинде сақланбақта.

Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топары ағзалары карантинге алынған усы пуқараларға жаратылған шараятлар менен танысты. Олар карантиндеги пуқараларға бир дана телевизор ҳәм азық-аўқатлық өнимлерди саўға етти.

– Бул жерде карантинге алынған пуқаралардың саламатлығын сақлаў ушын 24 саат даўамында бекитилген шыпакер ҳәм мийирбийкелер турақлы түрде олардың дене ыссылығын өлшеп, бақлаў жумысларын әмелге асырып атырғанлығының гүўасы болдық,-дейди топар ағзасы М.Джумамуратова. –Карантиндегилер төрт мезгил ыссы аўқат, витаминлерге бай ҳәр қыйлы салат ҳәм мийўелер менен тәмийинленген.

Биз бул пуқаралардың тез күнде өз шаңарағы қушағына қайтыўына тилеклеспиз. Ўақтынша қыйыншылықты халқымыз аўызбиршилик пенен жеңеди, деп исенемиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.