Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 26-март күни коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиўди күшейтиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Бизге белгили, бул кеселлик жәҳән экономикасына унамсыз тәсир етпекте. Адамлардың саламатлығынан экономиканы үстин қойған мәмлекетлердиң ашшы тәжирийбеси бул жолдың қаншелли қәте екенлигин көрсетпекте.

Сонлықтан, мәмлекетимизде инфекцияның кеңнен тарқалып кетиўине жол қоймаў және кеселликти емлеўге барлық күш ҳәм қураллар жумсалды.

Атап айтқанда, карантинге алынған пуқараларға тәжирийбели медициналық хызмет көрсетиў мақсетинде Ташкент ўәлаяты Орта Шыршық районында биринши басқышта 10 мың орынға мөлшерленген карантин зонасын қурыў жумыслары жуўмақланбақта.

Усы ўәлаятта 2 бес мың орынлық жуқпалы кеселликлер емлеўханасы қурылмақта. Оның мың орынлық биринши блогы жақын күнлерде пайдалыныўға тапсырылады.

Буннан тысқары, Сурхандәрья, Наманган ҳәм Наўайы ўалаятларында ҳәр бири мың адамлық модуль емлеўханалар ҳәм карантин пунктлерин үскенелеў жумыслары басланды.

Мәжилисте халықты социаллық ҳәм медициналық қорғаўды күшейтиўге қаратылған қосымша илажлар белгиленди.

Денсаўлықты сақлаў ҳәм Қаржы министрликлерине 300 мың экспресс-тест ҳәм 500 жасалма дем алдырыў аппаратын сатып алыў, қәўип жоқары болған елатлы пунктлерде көшпели лабораторияларды шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Шыпакерлеримизге  әмелий жәрдем бериў ҳәм олардың маманлығын арттырыў ушын сырт елли қәнигелерди тартыў, медициналық нықапларды ислеп шығарыўды күнине 5 миллион данаға жеткериў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер өз хызметкерлериниң кеминде 50 процентин ҳақы төленетуғын дем алысқа шығарыўы, қалғанлар аралықтан ислеўге өткерилиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Созылмалы кеселликке шалынғанлар ҳәм 60 жастан өткенлер сыртқа шықпаўы, бундай хызметкерлер 100 процент мийнет дем алысына шығарылыўы усыныс етилди.

Медициналық ҳәм әскерий оқыў орынларының студентлеринен ибарат кеўиллилер топарын дүзип, жалғыз кекселер, бағыўшысы жоқ шаңарақларға және узақ аймақларға азық-аўқат, гигиена ҳәм дәри-дәрмақларды жеткерип бериўди шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өзбекстанға алып кирилип атырған дәри-дәрмақлар, субстанциялар, медициналық техника ҳәм басқа да зәрүр товарларды бажыхана  төлемлеринен, соның ишинде, қосымша қун салығынан азат етиў бойынша көрсетпе берилди.

Мәмлекетимизде коронавирус пандемиясының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте. Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 19-марттағы пәрманына муўапық, бул бағдарда көплеген жеңилликлер ҳәм префенциялар белгиленген еди.

Бүгинги мәжилисте мәмлекетимиз басшысы бизнес ўәкиллериниң пикирин инабатқа алған ҳалда, оларға және қосымша жеңилликлер бериў зәрүр екенлигин атап өтти.

Атап өтилгениндей, 1-октябрьге шекем исбилерменлердиң пайдаланылмай атырған объектлерине мүлк ҳәм жер салығының арттырылған ставкалары қолланылмайды. 1-ноябрьге шекем коронавирус пандемиясы себепли финанслық қыйыншылықларды бастан өткерип атырған кәрханалар банкрот деп жәрияланбайды. Карантин мүддети даўамында исбилерменлик субъектлери пайдаланып атырған 3 мың 600 ден аслам мәмлекетлик мүлк объектлери бойынша ижара ҳақыларын өндириў тоқтатылады. Сондай-ақ, барлық жойбарлар шеңберинде инвестициялық миннетлемелерди орынлаў мүддетлери 6 айға созылады.

Буннан тысқары, карантин дәўиринде исбилерменлердиң есап бетин тоқтатып қойыў қадаған етиледи. Халыққа товарларды жеткерип бериў және тасыў хызметлерин көрсетиў ушын лицензия алыў талабы ўақтынша бийкар етиледи.

Мәжилисте жаңа жумыс орынларын жаратыўды қоллап-қуўатлаў арқалы халықтың дәраматын арттырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Экономика ҳәм санаат министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги сыпатында қайта шөлкемлестирилетуғыны мәлим етилип, оның тийкарғы ўазыйпалары көрсетип өтилди.

 

ӨзА