Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-март күни Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Муҳаммад Ашраф Ғани менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў басында еки мәмлекет басшылары бәҳәрги Наўрыз әййямы мүнәсибети менен бир-бирлерин қызғын қутлықлап, ең жақсы тилеклерин билдирди.

Усы абаданлық ҳәм жаңаланыў байрамы дос халықларымыздың мәдений-руўхый мийрасының бирдей екенлиги, тынышлық ҳәм раўажланыў жолындағы арзыў-нийетлериниң нышаны болып киятырғаны айрықша атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, Ашраф Ғаниди Аўғанстан Президенти етип сайланғаны менен қутлықлады ҳәм оған мәмлекетте турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпаларға ерисиўде үлкен табыслар тиледи.

Ашраф Ғани, өз гезегинде, қутлықлағаны ушын, сондай-ақ, Аўғанстанда тынышлыққа ерисиў ҳәм мәмлекетти социаллық-экономикалық тиклеў бойынша көрсетип атырған жәрдеми ҳәм жедел ҳәрекетлери ушын Өзбекстан басшысы Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Аўғанстан Президенти Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен еки жыл бурын өткерилген Аўғанстан бойынша Ташкент халықаралық конференциясы әҳмийетли ўақыя – аўған машқаласын тыныш жол менен шешиў бойынша сиясий процессти баслаў, мәпдар тәреплердиң сөйлесиўиниң өз-ара мақул түри ҳәм механизмлерин излеўде «баслаўыш бағдар» болғанын атап өтти.

Сөйлесиў ўақтында регионда жаңа түрдеги коронавирус инфекциясының тарқалыўына байланыслы ағымдағы жағдай ҳәм көрилип атырған илажлар додаланды.

Президент Ашраф Ғани Өзбекстан коронавирусқа қарсы гүресиўде көрсетип атырған әмелий жәрдеми ушын айрықша миннетдаршылық билдирди. Мәмлекетимиз қәнигелери тәрепинен қурылған ҳәм пайдаланылып атырған «Ҳайратон – Мозори Шариф» темир жолы, сондай-ақ, электр энергиясы, азық-аўқат ҳәм санаат өнимлериниң жеткерилип берилип атырғаны ҳәм саўда және гуманитар жүклердиң елимиз аймағы бойлап транзити ҳеш қандай тосқынлықларсыз әмелге асырылып атырғаны ҳәм көрсетилип атырған басқа да жәрдем усы пандемияға қарсы гүресиўде әҳмийетли фактор болып атырғаны атап өтилди.

Мәмлекет басшылары ҳәрекетлерди жақыннан муўапықластырыўды даўам еттириў ҳәм еки мәмлекеттеги санитариялық-эпидемиологиялық жағдайды қадағалаў бағдарында қатаң илажлар көриў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Президентлер еки тәреплеме, бәринен бурын, саўда-экономикалық, энергетика ҳәм транспорт-коммуникация тараўларындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин де көрип шықты, сондай-ақ, халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысты.

Аўғанстанның турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған қоспа инфраструктура жойбарларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бағдарындағы ҳәрекетлерди жеделлестириўге келисип алынды.

 

ӨзА