Өзбекстанға коронавирус инфекциясының кирип келиўи менен елимизде карантин жәрияланды. Сол себепли мектеплерге дем алыс берилди. Усы күтилмеген ҳәм әдеттегиден көбирек даўам етип атырған дем алыс оқыў жылының жуўмақланыўына тәсир етеди ме? ӨзР Халық билимлендириў министрлигиниң баспасөз хаткери Анвар Умаров брифинг ўақтында усы сораўға жуўап берди.

«Әмелдеги тәртипке (Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 15-марттағы 140-санлы қарары) муўапық, оқыў жылы 25-майда жуўмақланады. 26-майдан 15-июньға шекем 9-11-классларда питкериў имтиханлары өткериледи.

Республикалық Арнаўлы комиссиясының қарары тийкарында 16-марттан баслап билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары ушын дем алыс жәрияланған. Әлбетте, дем алыстың даўамлылығы медициналық профилактика (карантин) процеслериниң даўам етиўине байланыслы.

Республикалық Арнаўлы комиссиясының қарарына муўапық, дем алыстың даўамлылығына қарай оқыў процеслерин даўам етиў ямаса керисинше болыўы ҳаққында оқыўшылар және ата-аналар хабардар етиледи.

Дем алыс ўақтында белгиленген оқыў бағдарламаларындағы билимлер телевизиялық сабақлар арқалы оқыўшыларға жеткериледи. Бул сабақларды тек ғана оқыўшылар емес, соның менен бирге, олардың ата-аналары ҳәм жақынлары, барлық педагоглар да бақлап барыўы керек болады», – деди Анвар Умаров.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.