КӘСИПЛИК АЎҚАМЛАРЫНДА

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңеси юридикалық бөлимине 2019 жыл ҳәм быйылғы жылдың өткен еки айы даўамында пуқаралардан жумысқа тиклеў ҳәм ҳуқықый қорғаў бойынша 412 мүрәжат келип түскен болса, соннан 182 мүрәжат қанаатландырылды. Буннан тысқары, 575 аўызша мүрәжатқа, бирлеспе Кеңеси жанындағы «Исеним телефоны»на келип түскен 61 сораўға ҳуқықый түсиник берилди.

-Усыннан 387 пуқараның ҳуқықы тикленип, оларға 539 миллион 165,6 мың сумнан зыят муғдардағы ис ҳақы ҳәм соған теңлестирилген басқа да төлемлер өндирип берилди,-дейди юридика бөлиминиң баслығы Полат Турсынов.-Буннан тысқары, 31 мүрәжат тийислилиги бойынша басқа уйымларға жиберилди.

Атап айтқанда, Хожели районы медицина бирлеспесиниң хызметкерлери З.Досжанова, Т.Омаргазиева ҳәм Ш.Садировалардың пенсия жасы бойынша жумыстан босатылғанлығы ҳаққындағы арзасы көрип шығылып, унамлы шешимин тапты. Мәлим болыўынша олардың мийнет шәртнамасы районлық медицина бирлеспесиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги буйрығы ҳәм  Мийнет кодексиниң 100-статьясы 2-бөлими 7-бәнти менен бийкар етилген.

Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңеси тәрепинен З.Досжанова, Т.Умаргазиева ҳәм Ш.Cадировалардың нызамлы ҳуқықын тиклеў мақстенде Пуқаралық ислер бойынша Нөкис районлар аралық судынан даўа арза киргизилди.  Мийнет кодексиниң 100-статьясы 2-бөлими 7-бәнтинде белгилеп қойылғанындай, хызметкер пенсия жасына толғанда, нызам ҳүжжетлерине муўапық жасқа байланыслы мәмлекетлик пенсия алыў ҳуқықы болғанда мийнет шәртнамасы жумыс бериўшиниң басламасы мененбийкар етилиўи мүмкин. Бирақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-марттағы «Ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықлары кепилликлерин буннан былай да күшейтиў ҳәм исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарының 1-бәнти менен 2019-жылдың 1-майынан баслапҳаяллардың пенсия жасына толғанлығы ямаса нызам ҳүжжетлерине муўапық жасқа байланыслы мәмлекетлик пенсия алыў ҳуқықы жүзеге келгенлиги себепли олар менен дүзилген белгисиз мүддетли мийнет шәртнамасын  60 жасқа толғанға шекем яки мүддетли мийент шәртнамасы мүддети питкенге шекем жумыс бериўшиниң басламасы бойынша бийкарлаў қадаған етиледи.

Бул даўа арза муўапық судтың бийлиги менен бул хызметкерлер жумысына қайта тикленди ҳәм бос жүрген күнлери ушын жәми 8 миллион 328 мың 918 сум ис ҳақы ҳәм 2 миллион 655 мың 152 сум руўхый зыян өндирилиўи белгиленди.

Соның менен бирге, келип түскен 59 мүрәжат бойынша жумыс бериўшилерге усыныс берилип, соннан 36 усыныс унамлы шешимин тапты.  Қанаатландырылмаған  усыныслар бойынша пуқаралық ислер бойынша судларға 12 даўа арза берилип, толық қанаатландырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң исши топарларында, прокуратура, суд уйымларында социаллық-мийнет қатнасықларына байланыслы мәселелер бойынша 38 мәрте ҳуқықый жуўмақ берилди. 10 жәмәәтлик шәртнаманың жойбарын экспертизадан өткериў ҳәм қабыл етиўде қатнасылған болса,  65 кәрхана ҳәм кәсиплик аўқам шөлкемниң, районлық кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң жумысына байланыслы мийнет нызамшылығына әмел етиў бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетилди. Өткен жылдың 6-декабрь күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасының «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында» ғы Нызам, сондай-ақ, мийнет нызамшылығындағы соңғы өзгерислер, халықаралық мийнет стандартлары, жаңадан қабыл етилип атырған өзгерис және қосымшаларды үгит-нәсиятлаў, бул бағдарда кәсиплик аўқамлары белсендилериниң билимин жетилистириў бойынша мәпдар шөлкемлер менен биргеликте оқыў семинарлары,  дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңеси тәрепинен кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерде қабыл етилип атырған жәмәәтлик шәртнаманың жойбары ҳуқықый экспертизадан өткерилмекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.