Алдын хабар берилгениндей, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда коронавирус инфекциясы менен наўқасланғанлар саны 55 адамды қурамақта.

ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәзирги ўақытта Ташкент қаласындағы Вирусологиялық илимий тексериў институтының клиникасында емленип атырған наўқаслар арасында Ташкент қаласынан тысқары, Наўайы, Самарқанд, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларынан болған пуқаралар бар екенлигин мәлим етти.

Сондай-ақ, наўқаслардың 2 еўи Ферғана ўәлаятлық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте. Олардың бири Саудия Арабстанында Умра сапарында болып қайтқаннан соң, онда коронавирус инфекциясы анықланған.

Барлық наўқаслар Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларына муўапық, белгиленген стандартлар тийкарында емленбекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.