Елимизге коронавирус пандемиясының кирип келиўи себепли барлық орынларда карантин ҳалаты енгизилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 23-марттағы «Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы қосымша илажлар ҳаққында»ғы  қарарына муўапық, республикамыз аймағындағы барлық аўқатланыў орынлары, атап айтқанда, кафе, асхана, шайхана ҳәм басқа да бир қатар исбилерменлик жумысларын тоқтатыў белгиленди.

Бул илажлардан гөзленген тийкарғы мақсет – пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, коронавирус инфекциясы тарқалыўының  алдын алыў болып табылады.

Қарар талапларын орынлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен бирге ислесиўши тийисли уйымлардың хызметкерлери менен биргеликте бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Басқарманың мәлимлеме хызмети тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, алып барылған илажлар нәтийжесинде республикамыздағы барлық улыўма аўқатланыў объектлериниң жумысларын ўақтынша тоқтатыў тәмийинленди.

Бүгинги күнде, республика бойынша мәмлекетлик салық хызмети, ишки ислер ҳәм миллий гвардия уйымлары хызметкерлеринен ибарат 60 жумысшы топар дүзилген.

Соның менен бирге, адамлар көп топланатуғын, той-мәресимлер өткерилетуғын 793 субъектке қараслы 919 улыўма аўқатланыў объектлери, соннан 739 улыўма аўқатланыў шақапшалары, 41 ресторан ҳәм 10 кафениң баслықлары менен түсиник жумыслары алып барылып, бул орынлар карантинге алынды.

Коронавирус пандемиясы шараятында аўқатланыў мәкемелериниң карантин себепли жумысларын ўақтынша тоқтатып турыў бойынша ҳәзирги ўақытта исбилерменлер арасында профилактикалық түсиник жумыслары да даўам етпекте.

Әлбетте, бул халқымыз ушын сынақлы дәўир. Сонлықтан, коронавирус пандемиясы енгизилген карантин дәўиринде ҳүрметли ўатанласларымыздан көбирек ўақытларын өз үйлеринде өткерип, жеке гигиеналық талапларға әмел еткен ҳалда өзиниң ҳәм шаңарақ ағзаларының денсаўлықларына итибарлы болыўға шақырып қаламыз. Үйде өткерилген ўақыт болса, өз гезегинде жақынларына, шаңарақ ағзаларына итибар қаратыў ҳәм перзентлер тәрбиясына көбирек ўақыт ажыратыў  мүмкиншилигин береди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.