Усы жылдың 25-март күни чартер рейс пенен Стамбулдан Ферғанаға ушқан 63 жаслы майыплығы болған пуқара Ф.ның аўҳалы самолётта аўырласқан. Онда жүрек жетиспеўшилиги, аяқ ҳәм қолларында ҳәрекетсизлик бақланған. Бул ҳаққында хабар берилгеннен соң, Ферғана қаласындағы халықаралық аэропортқа арнаўлы үскенеленген реанимобиль медициналық тез жәрдем машинасы өз ўақтында жетип келген. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

Буннан соң наўқасқа қыстаўлы түрде реанимациялық емлеў илажлары көрсетилген. Машина ишинде оған жүрек, дем алыў системасын жақсылаў ушын емлеў илажлары исленип, дефибриляция жумыслары қыстаўлы түрде өткерилген. Стандартлар бойынша өткерилген емлеў илажларына қарамастан, наўқас қайтыс болған.

Оған бас мийде қан айланыўының кескин бузылыўы, кескин жүрек жетиспеўшилиги диагнозы қойылған. Ҳәзирги ўақытта суд-медициналық экспертизасы өткерилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.