Өзбекстанда 25-март саат 09:00 жағдайы бойынша коронавирус инфекциясын жуқтырып алған пуқаралардың саны 55 ке жетти. Бул ҳаққында Министрлер Кабинети жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баслығы Нурмат Отабеков мәлим етти.

Оның атап өтиўинше, коронавирус пенен наўқасланғанлар саны бесеўге көбейип, 55 ке жеткен. Олардың 15 инде кеселлик пневмониялық басқышта, 4 еўиниң аўҳалы аўыр деп баҳаланбақта. 20 мың адам қатаң карантин астында екенлиги мәлим етилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.