USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Өзбекстан интернет-тезлиги бойынша рейтингте және 2 текшеге көтерилди

«Ookla» компаниясының Speedtest.net сервиси 2020-жылдың февраль айы нәтийжелерине бола жаңа мағлыўматларды жәриялады. Speedtest Global Index мобил ҳәм сымлы байланыс интернет тезлиги жәҳән рейтинги бойынша Өзбекстан және еки текшеге көтерилди. Бул ҳаққында xabar.uz хабар бермекте.

Интернет тезлиги рейтингинде Өзбекстан ҳәзирги күнде 102-орынды ийелеп турыпты ҳәм январь айына салыстырғанда 2 позицияға көтерилген. Улыўма, соңғы жылдың нәтийжелерине бола Өзбекстанда анықланған интернет тезлиги 2,4 есеге өсти – 10,89 Мбит/с тан (2019-жыл январь жағдайына) 26,30 Мбит/сқа шекем ( 2020-жыл февраль жағдайына).

Еслетип өтемиз, интернет тезлиги бойынша рейтингте өткен айда Өзбекстан төрт текшеге көтерилген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги