Қазақстан Республикасының пайтахты Нур-Султан ҳәм ең үлкен қалаларының бири болған Алматы қалалары 22-март күнинен баслап карантинге жабылады.

Нур-Султан қаласының ҳәкими Бахтыяр Макенниң атап өтиўинше, 22-март күни саат 00:00 ден баслап қала жабылады. Транзит жолларының барлығына шеклеў қойылады. Басқа қалаларға баратуғын поездлар пайтахтта тоқтамай өтип кетеди.

– 22-марттан баслап басқа қалаларда жүрген пайтахт турғынлары қалаға қайтып кире алмайды. Қаладан ҳеш ким сыртқа шығарылмайды. Бул – карантин режими. Сонлықтан пуқаралар дурыс түсинеди деген ойдамыз, – дейди Нур-Султан қаласының ҳәкими.

Алматы қаласында 19-марттан баслап карантин режими басланған болып, қала 22-марттан баслап келип-кетиўшилер ушын толық жабылады. Қала ҳәкиминиң биринши орынбасары Ерлан Қожағапановтың мәлим етиўинше, 22-марттан баслап Алматыда барлық ҳаўа ҳәм темир жоллардағы ҳәрекетлер тоқтайды.

 

Мағлыўматларға қарағанда, Қазақстанда коронавирус инфекциясы анықланғанлар саны 49 адамға жеткен. Алматы қаласында 22 адам, Нур-Султан қаласында 25 адам, Қарағанда қаласында 2 адамда коронавирус инфекциясы анықланған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.