Соңғы мағлыўматларға қарағанда, коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслар менен байланыста болған жақынларынан 9 адамда коронавирус инфекциясы анықланған.

Сондай-ақ, сырт елден келген және бир пуқарада да усы инфекция бар екенлиги тастыйықланған. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

Ҳәзирги ўақытқа келип Өзбекстанда коронавирус инфекциясы анықланған наўқаслар саны 33 адамға жетти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.