Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми коронавирус себепли қайтыс болғанлардың денелери коронавирустың тасыўшысы бола алмайтуғынын мәлим етти. Бирақ марҳумларды жерлеў процесинде адамлардың болмаўын ямаса олардың минимал дәрежеде болыў керек екенлигин усыныс етеди, деп хабар бермекте  xs.uz  сайты.

«Дене коронавирус инфекциясының тасыўшысы бола алмайды», дейди ЖДСМ ўәкили Кристиан Линдмайер Женевада болып өткен брифингте.

Атап өтилиўинше, коронавирусты келтирип шығаратуғын патоген Эбола вирусынан өзгеше түрде ҳаўа-тамшы жолы арқалы тарқалады.

Эбола вирусы болса тиккелей байланыс болған ўақытта оның қаны, органлары ямаса басқа да суйықлықлар арқалы жуғады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги