Сенатор мүнәсибети

Биз тарийхтан билемиз халқымыз ҳәмийше өз турмыс тәризин, таза ҳәм берекетли болыўды, инсан саламатлығы ҳәмийше оның өзине байланыслы екенлигин аңлап жасап келген. Оған, әлбетте, ўатанымыздың тәбияты, бағларымыздың шийрин-шекер мийўелери, толып-тасып ағып турған дәрьяларымыздың мазалы суўы, таза, тынық булақларымыз да себеп болған.

Булардың ҳәммеси уллы бабамыз Әбу Али Ибн Синоның «Медицина нызамлары» шығармаларында да айрықша талланған.

Ҳәммемизге белгили соңғы үш жылда елимизде халықтың денсаўлығы Президентимиздиң ҳәмийше дыққат-итибарындағы мәселеге айланды.

Кеше ғана Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәҳәлле ҳәм шаңарақ мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси алдында коронавирус машқаласына тоқтап өтти. « – Бул өмирдиң көплеген аўыр сынақларын ҳәм жақсы-жаман күнлерин басынан кеширген халқымыз барлығын дурыс түсинип, мәселеге саналы түрде қатнас жасамақта. Муфтийлик басшылығында диний уламалар елимизге тынышлық-қәтержамлық, наўқасларға шыпа тилеп, дуўа пәтиялар етпекте. Миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәммемиз биргемиз ҳәм, бул қыйыншылықлар, әлбетте өтип кетеди, деп исенемиз» деди Президентимиз. Ҳақыйқатында да усы күнлери елимизде ҳәр бир пуқара коронавирус машқаласының алдын алыў, биз ушын бәринен бурын ҳәр бир шаңарақтағы азадалықты, жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиўди өзиниң миннети ҳәм ўазыйпасы деп билмекте.

Ең тийкарғысы, халқымыз өз Президентине жүдә исенеди. Ҳәр биримиз жақсы билемиз, халқын сүйген, халқы сүйген Журтбасшымыз пүткил дүнья халқын қорқыўға салып атырған қәўипли инфекция Өзбекстан халқына қәўип туўдырмаўының барлық илажларын көрмекте.

Әлбетте, басқа мәмлекетлерде 8 мыңға шамалас өлимшилик жағдайының болғаны халқымызды дәртине шерик болыў менен бирге ҳәммени қәўетерге де салады. Бирақ исеним менен айтыў мүмкин, бизиң елимизде бул бойынша барлық илажлар көрилген.

Елимизде 6 мыңға шамалас адам карантинге алынған. Адамлар көп жыйналатуғын орынларда ғалабалық илажлар шекленген. 16-марттан баслап барлық билимлендириў орынларында дем алыс жәрияланды. 80 мың студент орайласқан ҳалда үйлерине жиберилди.

Ҳәр бир аймақта ҳәкимлердиң басшылығында арнаўлы штатлар шөлкемлестирилген. Эпидемиологиялық жағдай бойынша ҳәр саатлық ҳәм күнлик мағлыўмат талланып, оператив илажлар көрилмекте. Шаңарақта, мектепте оқып атырған перзентлеримиз телевизор арқалы видеосабақларда оқыў сабақларына қатнаспақта. Репититорлар менен айрықша пәнлерден сабақ өтип атырған жаслар телеграмм, инстаграммлар арқалы онлайн режиминде билим алыўын даўам етпекте.

Ҳәр бир шаңарақта тап айрықша жағдай жәрияланғандай, ҳәр бир адам сақлығын көрсетпекте. Бир жасы үлкен ата менен сөйлескенимизде:

– Балам, Алла бизди бир сынап атырғанға уқсап атыр, себеби базарларымыз мол, азық-аўқаттың да мың түри бар. Жәмийетлик аўқатланыў тармақлары да кеңейип кеткен. Ҳәр түрли тағамлар писип атыр. Ҳәмме сатып алмақта, билип-билмей жеп атыр. Санитариялық ,гигиеналық қағыйдаларды болса айырым ўақытлары умытып қояды. Яғный жәмәәт көп жыйналған жерде айырым ўақытлары қол жуўылмайды, аўқатланыў мәдениятына әмел етилмейди.

Әсиресе, азық-аўқат қәўипсизлиги мәселеси халық арасында елеге шекем толық шөлкемлестирилмеген. Мине, енди кеше телевизорда көрдик Президентимиз ҳәммени коронавирус инфекциясы машқаласына байланыслы азадалыққа, денсаўлыққа зыян жеткермеўге шақырып атыр.

Алла өзи адамларды және бир мәрте өз турмысының саламат болыўына өзлери итибарлы болыўға шақырып атырғандай. Таза болың, бир-бириңизди сақлаң деп атырғандай – деп күйип-писип айтты.

Атаның гәплеринде жан бар. Ҳәр биримиз өзимизди сақлап билсек, коронавирус ақыбетлерин Президентимиз белгилеп берген илажлардың орынланыўы, әлбетте, сапластырады.

Президентимиз ҳәр бир пуқара ҳаққында қайғырмақта. Мүрәжаттеги «Елимизде жетерли дәрежеде резерв бар, қәўетерге ямаса қорқыўға түсиўге ҳеш қандай тийкар жоқ. Бирақ көпке келген бул бәлеге қарсы ҳәммемиз биргеликте, бир жағадан бас шығарып ҳәрекет етиўимиз керек.

Барлық мәмлекетлик структуралар ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, ҳүрметли нураныйларымыз, мәҳәлле, ҳаял-қызлар, жаслар бирлеспелериниң белсендилери ғалаба хабар қураллары арқалы ҳадал, ҳақыйқый ҳәм кеңнен түсиник жумысларын күшейтетуғынына исенемен.

Ҳәзирги жағдайда айырым жуўапкерсиз, ҳақыйқый жағдайдан хабары жоқ ҳәм өзин «пиар етиў»ди жақсы көрсетуған адамлар ҳәр түрли мыш-мыш ҳәм өсеклерди тарқатыўға урынады.

Сол мүнәсибет пенен жәмийетшилигимизден илтимас етемен: қорқыў кейпиятына берилмеў керек. Баспасөз ҳәм социаллық тармақларда надурыс, тийкарланбаған мағлыўматларды тарқатыўға жол қоймаўымыз зәрүр. Бул мәселени ҳуқық-қорғаў уйымлары да айрықша қадағалаўға алыўы зәрүр», деп берген көрсетпелери пикиримизди дәлиллейди.

Соның менен бирге, Президентимиз бул қәўипсизлик жағдайдың елимиздиң экономикасына унамсыз тәсириниң алдын алыўдың барлық илажлары әмелге асырылыўын тәмийинлемекте.

Атап айтқанда, нефтьтиң баҳасы, миллий валюталардың қәдирсизлениўи, жалпы ишки өним, экспорт көлеминиң төменлеўи сыяқлы жағдайлардың алды алынбақта. Арнаўлы жумысшы топар дүзилген болып туризм, транспорт, фармацевтика ҳәм жеңил санаат сыяқлы тараўларға салықтан дем алыслар бериў, кредитлерди қайтарыў мүддетин кешиктириў, кешиктирилген сыртқы қарыздарлық ушын жәрийма қолланбаў тәртибин енгизиў илажларын көрмекте.

Сондай-ақ, базарларда баҳаның көтерилип кетпеўиниң алды алынбақта, барлық тармақлардың үзликсиз ислеўи тәмийинленбекте, жергиликли бюджетлер, халық қоллап-қуўатланбақта.

Президентимиз бул бойынша халыққа Мүрәжат етер екен, бәринен бурын биз мәмлекетимиз басшысының ҳәр бир инсанға болған меҳирин сезбектемиз. Мәмлекетимиз басшысы халқымызға, ҳәр биримизге исенбекте, Президентимиздиң Мүрәжатындағы «Көпти көрген халқымыз және де бирлесип, аўызбиришиликли ҳәм татыў болып, бул қыйын сынақларды да жеңип өтеди, деп исенемен» деген шақырығы буның дәлили болып есапланады.

Ҳәр биримиз Президентимиздиң Мүрәжатына ләббай, деп жуўап берип, бул қыйын процесс – коронавирус ақыбетлерин биргеликте әлбетте сапластырамыз.

Президентимизге исенемиз ҳәм оны қоллап-қуўатлаймыз.

 

Гүлистан АННАҚИЛИЧЕВА,

Олий Мажлис Сенатының ағзасы 

Қарақалпақстан хабар агентлиги