Президент «Аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды. Бул ҳаққында «Kun.uz» сайты хабар берди.

Ҳүжжет тийкарында ӨзР Ишки ислер министриниң орынбасары – Қаржы ҳәм материаллық-техникалық тәмийнаты бас басқармасының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң, Ташкент қалалық ҳәм Ташкент ўәлаятлық ишки ислер бас басқармалары, ўәлаятлардағы ишки ислер басқармалары баслықларының орынбасары – Қаржы ҳәм материаллық-техникалық тәмийнаты басқармасының баслығы лаўазымлары сапластырылды.

ӨзР Ишки ислер министрлигиниң Қаржы ҳәм материаллық-техникалық тәмийнаты бас басқармасы министрликтиң Қаржы ҳәм материаллық-техникалық тәмийнаты департаменти етип қайтадан шөлкемлестирилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.