Қарақалпақстан Республикасына аймағына коронавирус инспекциясының кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша Айрықша жағдайлар басқармасында республикалық мәкемелер аралық муўапықластырыўшы штаб дүзилди.

-Бул жағдайдың алдын алыў мақсетинде мәмлекетимиз шегараларын кесип өтиўши орынларда 3 санитария карантин қадағалаў пункти шөлкемлестирилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Данияр Ходжиев.-Бул пунктлер зәрүр қорғаныў қураллары, дизинфекциялаў препаратлары ҳәм әсбап-үскенелер менен тәмийинленген. Бул жерде Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының эпидемиологлары ҳәм республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасының инфекционист-шыпакерлери жумыс алып бармақта.

Қәнигелер тәрепинен мәмлекетимиз шегараларын кесип өткенде  ҳәр бир пуқараның дене температурасын анықлаў ҳәм улыўма жағдайын баҳалаў әмелге асырылмақта. Буннан тысқары, кеселлик анықланған орынлардан келген ҳәр бир пуқараның мағлыўматы алынып, орайлық штабқа ҳәм 14 күнлик медициналық қадағалаўға алыў ушын жиберилмекте.

Нөкис қаласы ҳәм районларда 10 орын, республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында 10 орын, республикалық қыстаўлы медициналық тез жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалында 5 орын, республикалық перинатал орайында 5 орын, республикалық балалар көп тармақлы медицина орайында 5 орын, жәми 195 запас орын шөлкемлестирилди. Кеселликте гүман етилгенлерди жайластырыў мақсетинде республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында 120 орын ажыратылды.

Республикамызға коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳәм оның тарқалыўының алдын алыў бойынша пуқараларды 14 күнлик карантин дәўиринде орналастырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Майыплығы болған шахсларды реаблитациялаў ҳәм протезлеў орайында 100, Тақыятас районындағы санаторияда 50, «Тақыятас» кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары санаториясында 100, республикалық балалар санаториясында 250, жәми 500 орын шөлкемлестирилди.

Тийисли қәнигелер тәрепинен жәмийетлик орынларда ҳәм жолаўшы тасыў транспортларында ҳәр 4 сааттан дизинфекция жумыслары алып барылмақта. Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайында жайласқан вирусология орайында «Коронавирус» инфекциясын диагностикалаў ушын барлық реактивлер менен жетерли дәрежеде тәмийинленди.

Дүнья жүзинде коронавирус инфекциясы СOVID-19  бойынша жүзеге келген кеўилсиз эпидемиялық жағдай нәтийжесинде бул кеселликтиң Өзбекстан Республикасы аймағына да кирип келиў қәўпи профилактикасы, диагнозлаў ҳәм емлеў илажларын шөлкемлестириў, жетилистириў ҳәм күшейтиў мақсетинде қәнигели профессор-оқытыўшылар қатнасында усы жыл 14-март күни республикалық туберкулезға қарсы гүресиў санаториясында 6 саатлық оқыў бағдарламасы тийкарында республикалық қыстаўлы медициналық тез жәрдем илимий орайы  Қарақалпақстан филиалында ҳәм оның аймақлық бөлимлери, барлық емлеў мәкемелериниң қабыллаў бөлимлери хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Шегара әскерлери, Қорғаныў министрлиги, Миллий гвардиясы, Транспорт министрлиги ҳәм барлық емлеў профилактика мәкемелериниң улыўма әмелият шыпакерлери, терапевтлер, реаниматологлар, инфекционистлер, шыпакер-лаборантлар, қабыллаў бөлими шыпакерлери, орта медицина хызметкерлери арасында семинар-тренинг өткерилди. Тараўдағы емлеў мәкемелеринде оқыў-тактикалық шынығыўлар шөлкемлестирилип, бул бойынша қәнигелердиң билим және көпликпеси сынақтан өткерилди.  Коронавирус инфекциясы профилактикасы бойынша халқымыз арасында кең үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жыл 18-март күни мәҳәлле ҳәм шаңарақ мәселелери бағышланған видеоселектор мәжилисинде бул бағдарда жаңа ўазыйпалар белгилеп берди. Бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириў бойынша тийисли илажлар әмелге асырылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.