Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 18-март күни мәҳәлле ҳәм шаңарақ машқалаларын өз ўақтында анықлаў және шешиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Ҳәммемизге белгили, Президенттиң усы жылы 18-февральдағы пәрманы менен қарарына муўапық, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги шөлкемлестирилди.

– Министр ҳәм оның орынбасарлары, ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери әмелий жумыслар менен нәтийжелиликке өтиўи керек. Оның ушын барлық ресурс, ўәкиллик ҳәм шараят жаратылып берилди. Буннан кейин жуўапкерлерден ҳәр бир мәҳәлле бойынша анық нәтийже соралады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Ҳәр бир шаңарақ пенен мәнзилли ислейтуғын, оларды қоллап-қуўатлайтуғын жаңа тәжирийбе жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Президент ажырасыўлар мәселесине айрықша тоқтап өтип, кишкене турмыслық себеплер аўыр ақыбетлерди келтирип шығарып атырғанынан қанаатланбайтуғынлығын билдирип атап өтти. Министрлик басшылары, орынлардағы жуўапкерлер тыныш емес шаңарақлардағы жағдайды алдыннан үйренип, машқаланы сапластырыў бойынша мәнзилли ислеўи керек екенлиги көрсетип өтилди.

Мәҳәллелер жанында келешектеги келин-күйеўлерди шаңараққа таярлаў бойынша қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестирип, оларға психологлар, абырайлы аталар менен аналарды бириктириў, «Ибратлы шаңарақ» таңлаўын өткериў бойынша усыныслар берилди.

Елимизде 22 мыңға шамалас ҳаял-қыз аўыр турмыс шараятында жасамақта. Олар кем тәмийинленген, жумыссыз, турақ жайға мүтәж ҳәм майыплығы бар болған ҳаяллар болып, ҳәр бириниң машқаласына индивидуал қатнас талап етиледи.

Мәжилисте ҳаяллардың турмыс шараятын жақсылаў, дәрамат табыўы ушын шараят жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Кәсип-өнери бар жумыссыз ҳаял-қызларға көмеклесиў бойынша Ташкент қаласының Чилонзар районында басланған тәжирийбени басқа аймақларда да кеңнен енгизиў бойынша көрсетпелер берилди. Ҳаял-қызлар арасында бизнес жойбар бойынша таңлаў өткерип, жеңимпазларға грантлар, кредит ҳәм орын ажыратыў, мақсетли қорлар есабынан көшпес саўда пунктлерин шөлкемлестирип, оларды ижараға бериў, ири саўда орайлары ҳәм кәрханаларда жәрдемге мүтәж ҳаяллар таярлаған өнимлерди сатыў системасын енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бүгинги күнде елимизде 1миллион 335 мыңнан  аслам жумыссызлар, 125 мыңнан артық бағыўшысын жойытқан шаңарақлар бар. Сондай-ақ, 1 миллион 400 мыңға шамалас жаслар сырт елге жумыс ислеў ушын кеткен. Бул инсанлардың көпшилиги кәсипке ийе емес.

Яшнобод районында басланған «Жумысқа мәрҳамат» моноорайы тәжирийбесин Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги қарамағына өткерилген 30 колледжде, сондай-ақ, Ташкент қаласының ҳәр бир районында кеминде биреўден шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди. Талап жоқары болған кәсип-өнерлерди ийелеген адам өз орнын таўып кетеди.

Президент Шавкат Мирзиёев мәҳәллелердиң архитектуралық көринисин ҳәм инфраструктурасын  жақсылаў, бәҳәрги абаданластырыў мәселелерине де тоқтап өтти.

Турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў жумысларынан адамлардың наразылығы атап өтилип, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетине бул системаны жетилистириў бойынша қатаң ўазыйпа қойылды.

Мәжилисте атап өтилгениндей, инсан саламатлығын тәмийинлеўдиң 55 проценти саламат турмыс тәризине ҳәм дурыс аўқатланыўға байланыслы. Сонлықтан, ҳәр бир аўыл ҳәм қала поликлиникасына, врачлық пунктлерине дурыс аўқатланыў, гигиеналық ҳәм физикалық тәрбия бойынша қәниге штатлары ажыратылады.

Дурыс аўқатланыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, пияда жүриўдиң пайдасын үгит-нәсиятлаў, ғалабалық спортты раўажландырыў жумысларын «улыўмамиллий ҳәрекет»ке айландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледе руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мәселесине де итибар қаратты. Мәденият министрлиги, Республикалық Мәнаўият ҳәм мәрипат орайына мәҳәллелерде китапхана, мәденият үйлери, кино заллары, музыка ҳәм коркем өнер дөгереклерин шөлкемлестириў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.

– Қәлбине көркем өнер ҳәм китап нуры кирип барған адамнан ҳеш қашан жаманлық шықпайды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Видеоселектор мәжилисинде мәҳәллелерде жынаятшылықты азайтыў мәселелери де ҳәр тәреплеме додаланды.

Өткен жылы жынаятлардың саны 2 мың 922 ге азайған бир ўақытта  20 процент мәҳәлледе  жынаятшылықтың саны көбейген.

Президент адамлардың тыныш-татыў жасаўы ушын ҳәр бир мәҳәллениң «қулпы ҳәм гилти» болыўы керек екенлигин атап өтти.

Криминоген    жағдай аўыр мәҳәллелерде айрықша илажларды әмелге асырыў, керек болса, жергиликли бюджеттен қосымша қаржы, күш ҳәм қуралларды тартыў бойынша тапсырма берилди.

Атап өтилгениндей, келешекте мәҳәлледеги жағдайға профилактика инспекторы менен бирге Миллий гвардия да теңдей жуўап береди. Сонлықтан, Миллий гвардияның ҳуқық бузарлықларды анықлаў, услаў, оларға илаж көриў ўәкилликлерин жетилистириў зәрүр. Бул структураның хызметкерлери халық көп орынларда патрулликти бийғәрез алып барыўы тийис. Жуўапкерлерге бул бойынша шөлкемлестириўшилик – ҳуқықый илажлар көрип шығыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ҳәкимлер есап берди.

 

ӨзА