Кеше, 18-март күнги кешки мағлыўматларға қарағанда, Францияда болып қайтқан Өзбекстан пуқарасының өзинде, оның анасы, келини ҳәм бирге ислейтуғын кәсиплесинде де усы инфекция бар екенлиги тастыйықланған, соның менен Өзбекстанда коронавирус инфекциясы анықланған адамлар саны 18 ге жеткен еди.

Соңғы мағлыўматларға қарағанда, Францияда болып қайтқан пуқараның жақын 3 ағайининде усы инфекция бар екенлиги тастыйықланған. Соның менен бирге, усы жылдың 15-март күни Стамбул-Ташкент жөнелисиндеги 274-рейс пенен келген бир пуқара ҳәм усы жылдың 14-март күни Лондон-Ташкент жөнелисиндеги 201-рейс пенен келген және бир пуқарада коронавирус инфекциясы анықланған.

Усы бес пуқара да усы ўақытқа шекем медициналық қадағалаўда болған.

Ҳәзирги ўақытта усы инфекция анықланған наўқаслар саны 23 ке жетти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.