Қоңырат районлық инспекциясының инспекторлары тәрепинен өткерилген экологиялық рейд илажлары даўамында Мойнақ районындағы тәбийғый суў бассейнинде түнги саат 21:00 лер әтирапында Нөкис қаласында жасайтуғын пуқара Т.Н. ҳәм Мойнақ районы «Бозатаў» АПЖда жасайтуғын пуқаралар Н.Т. ҳәм А.А. лар аңшылық етиў бойынша белгиленген қағыйдаларға әмел етпестен, аңшылық етиў қадаған етилген ўақытта улыўма 25 дана жабайы үйрек ҳәм бир дана қасқалдақ қусларын аўлағаны анықланды. Бул ҳаққында ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Жағдай бойынша нызам бузыўшы пуқараларға тәбиятқа жеткерилген зыянды қаплаў ушын 5 798 000 сум жәрийма есапланды ҳәм ҳәкимшилик ислери бойынша суд уйымына өткериў ушын ҳүжжетлер таярланбақта.

Хабарда жазылыўынша, аўланған қуслар Нөкис қаласында жайласқан ҳайўанат бағына тапсырылған.

Пуқаралардың аңшылық қураллары сақлап қойыў ушын Миллий гвардияға тапсырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.