Стамбулдан келген Өзбекстан пуқарасы ҳәм Лондонда болып қайтқан және бир Өзбекстан пуқарасының өмирлик жолдасында коронавирус инфекциясы анықланып, Өзбекстанда усы инфекцияға шалынғаны анықланғанлар саны 13 ке жеткен еди.

ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң берген мағлыўматына қарағанда, Стамбулдан келген Өзбекстан пуқарасының өмирлик жолдасында да усы инфекция анықланған. Сондай-ақ, Лондоннан келген және бир Өзбекстан пуқарасында да инфекция анықланған.

Хабарда жазылыўынша, бул пуқаралар қатаң медициналық қадағалаўда болған.

Соның менен Өзбекстанда коронавирус инфекциясы анықланғанлар саны 15 ке жетти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.