Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен абитуриентлерге усыныс етилген сабақлықлардың дизими жәрияланды. Мәмлекетлик тест орайы өз каналында жаңа оқыў жылынан информатика пәни өз алдына блок сыпатында улыўма билим бериў пәнлери қатарына қосылғанын мәлим етти.

Яғный, енди информатикаға байланысы болған тәлим бағдарларында информатикадан блок қосылады.

 

Мәселен, 5110700 – Информатиканы оқытыў методикасы бағдарына ҳүжжет тапсырған абитуриент төмендеги пәнлерден имтихан тапсырыўы күтилмекте:

 

Мәжбүрий пәнлер блогы (барлық бағдарлар ушын нәзерде тутылған):

– Ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили) – 15 сораў, ҳәр бири ушын 2,1 баллдан;

– Математика – 15 сораў, ҳәр бири ушын 2,1 баллдан;

– Өзбекстан тарийхы – 15 сораў, ҳәр бири ушын 2,1 баллдан.

 

Билимлендириў бағдарына сәйкес тийкарғы блоктағы пәнлер:

– Информатика – 30 сораў, ҳәр бири ушын 3,1 баллдан;

– Математика – 30 сораў, ҳәр бири ушын 3,1 баллдан.

 

Мағлыўмат ушын, алдын информатика пәнинен сораўлар математика пәни қурамында берилетуғын еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.