Усы жылдың 17-март күни автомобильлер қатнаўы көп болған азанғы ўақытта 1983-жылы туўылған пуқара А.М. басқарыўындағы «Cobalt» маркалы автомашина Нөкис қаласы Қарақалпақстан көшесиде жайласқан «Ташкент» мийманханасы алдындағы пиядалар өтиў жолынан велосипедин жетеклеп, кесип өтип баратырған 50 жастағы пуқара П.У.ды дүгип алған. Бул ҳаққында «Дежурная часть» каналы хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде пияда П.У.дың аяғы сынған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.