Усы сораўға Республикалық бас санитариялық инспекторы Нурмат Отабеков төмендегише жуўап берди:

 

– Коронавирус инфекциясынан сақланыў бойынша ҳәр бир категориядағы адамлар ушын айрықша көрсетпелер жоқ. Кеселлик ҳаўа тамшы жолы ҳәм сәўбетлесиў арқалы жуғыўы мүмкинлигинен келип шығып, улыўма тән алынған талаплар қойылады.

Бириншиден, ҳәмиледар ҳаялды коронавирус инфекциясынан сақлаў ушын ҳәммеге қолланылған тәртип қолланыўы керек. Бирақ, оларды айрықшы емлеў усыллары да жоқ. Ҳәзирги ўақытта Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми қандай категорияға тийисли болыўына, расасы, миллетине қарамастан коронавирус инфекциясына шалынған адамларды емлеў протоколларын ислеп шыққан. Усы емлеў протоколлары тийкарында Өзбекстан Республикасында әмелиятта тәртип қолланылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.