Соңғы мағлыўматларға қарағанда, Дубайдан келген Өзбекстан пуқарасында да коронавирус инфекциясы анықланды. Ҳәзирги ўақытта бул инфекция анықланған наўқаслар саны 11 ге жетти. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

Наўқаслардың аўҳалы ҳәзирше қанаатландырарлы болып, шыпакерлер тәрепинен стандартлар тийкарында емлеў жумыслары алып барылмақта.

Еслетип өтемиз, инфекцияның тарқалып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде алып барылып атырған эпидемиологиялық сорастырыў жумыслары даўам еттирилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.