Өзбекстан Мусылманлары басқармасының баслығы, муфтий Усманхан Алимов диний мәресимлерди өткериў тәртиби ҳаққында билдириў жәриялады.

 

Оған муўапық, муфтий Усманхан Алимов төмендеги пәтўаны оқып еситтирди:

 

Өзбекстанда жума намазлары ўақытша тоқтатылды. Оның орнына үйде песин намазы оқылады.

Күнлик бес ўақыт намазлар да мешитлерде жәмәәтшилик пенен орынланбайды.

Жаназа намазлары қайтыс болғанның жақынларының қатнасыўында үйлерде оқылсын.

Мешитлерде намаз ўақытларын билдириў ушын азан өз ўақтында айтылсын.

Мөҳмин-мусылманлар имканы болғанынша кеселликтиң тарқалыўының алдын алыўға өз үлеслерин қоссын.

Ҳәр бир мусылман ибадатлар ҳәм дуўаларда Алла Тааладан усы кеселликти жоқ етиўди сорап, шын ықласы менен сораныўы керек.

Динимиз пәкликке буйырар екен, кеселликтиң алдын алыў бойынша Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен усыныс етилген көрсетпелерге қатаң түрде әмел етиў ҳәр бир мусылманның ўазыйпасы болып табылады.

Карантин дәўиринде мешитлер ҳәм таҳаратханаларда Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң усыныслары тийкарында дәўирли дезинфекциялаў жумыслары өткерилсин.

Бундай жағдайларда азық-аўқат, дәри-дәрмақ ҳәм басқа зәрүрли затлардың баҳасын көтериў, жасалма түрде жетиспеўшилигин жүзеге келтириў және халық арасында ҳәр қыйлы ҳаўлықпалы хабарларды тарқатыў шәрий жақтан ҳарам есапланады.

 

Мағлыўмат ушын, усы пәтўа вирус анықланған мусылман мәмлекетлер және басқа аймақлардағы үлкен исламый шөлкемлер ҳәм уламалардың усы мәселедеги пәтўа және жуўмақларын есапқа ала отырып қабыл етилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.