Өзбекстан Республикасы Фермер ҳәм дийқан хожалықлары, қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң баслығы, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Актам Хаитов Хожели районындағы «Хожели агросанаат орайы» ЖШЖде ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда Президентимиздиң парламентке жоллаған Мүрәжатында ҳәм мәмлекетлик бағдарламада белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар, соннан барлық тараўлар қатарында аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси терең түсиндирилип, олардың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтилди.

Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутатлары, электорат ўәкиллери ҳәм партия белсендилери менен жүзбе-жүз сәўбетлесиў өткерилди. Олар тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар тыңланды.

Бул жәмийет өткен жылдың январь айында өз жумысын баслаған еди. Ҳәзирги ўақытта ол Қубла Корея, Түркия ҳәм Қытайдан алып келинген заманагөй үскенелер менен тәмийинленген. Бүгинги күнде орай жанында ыссыхана ҳәм гүришти қайта тазалап беретуғын заманагөй типтеги гүриш қаразы ислеп турыпты.

– Орайдағы 2710 тонна сыйымлылыққа ийе музлатқышта тийкарынан қадақланған овощь ҳәм палыз өнимлери сақланады,-дейди орай баслығы К.Бердимбетов. – Ҳәзирги ўақытта орайда 80ге шамалас адам жумыс пенен тәмийинленген. Олардың жумыс ислеўи ҳәм өз ўақтында дем алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

Майданы 4 гектар болған ыссыханада тийкарынан помидор жетистирилип, жылына гектарынан 100-120 тонна өним алынбақта. Өнимлер ишки базарға сатылмақта. Алдағы ўақытлары Россия ҳәм Қазақстанға экпорт етиў режелестирилген. Гүриш қаразы болса, суткасына 60 тонна гүришти қайта тазалап береди.

Ушырасыў қатнасыўшылары орай жанындағы ыссыхана ҳәм гүриш қаразында алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты ҳәм жумысшылар менен сәўбетлесип, тәжирийбе алмасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.