Нызамшылыққа бола, егер хызметкер карантин ўақтында санитариялық-эпидемиологиялық уйымлар тәрепинен әтираптағы шахслар арқалы жуқпалы кеселликке шалыныў қәўипиниң алдын алыў мақсетинде жумыстан шетлетилген болса мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша напақа бериледи. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар бермекте.

Ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы мийнетте майып болған ҳәм кәсип кеселлигине шалынғанда мийнет ҳақысының толық муғдарында, басқа жағдайларда болса мийнет ҳақысының 60 процентинен 100 процентине шекемги муғдарда төленеди.

Бундай напақаның ең аз муғдары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары (679 мың 330 сум)ның 35,2 процентинен, яғный 239 мың 124 сумнан аз болмаўы ҳәм напақа есаплап шығарылатуғын мийнет ҳақы муғдарынан артып кетпеўи керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги