ҲӘКИМ ҲӘМ ЖАСЛАР

Елликқала районының ҳәкими, 1-сектор басшысы Сейдамат Авезов «Таза бағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 11-санлы улыўма билим бериў мектебинде жаслар менен ушырасты.

Атап өтилгениндей, Президентимиз басшылығында елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетин жүзеге шығарыўға айрықша әҳмийет берилмекте.  Елликқала районында да жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат тийкарында бәркамал әўладтың заманагөй билим алыўы, олардың спорт ҳәм басқа бағдарлар бойынша шуғылланыўы, жәмийетте мүнәсип орнын табыўы жолында айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Бүгинги күнде иске түсирилип атырған кәрханалар аўыл жасларының бәнтлигин тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Ашық пикирлесиў тийкарында өткен ушырасыўда жаслар өзлерин қызықтырған мәселелер, ушырасып атырған машқалалары менен мүрәжат етти. Олардың көпшилиги усы жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Айырымларының шешими бойынша жуўапкерлер бекитилип, орынланыўы район ҳәкими тәрепинен қадағалаўға алынды.

Ушырасыў соңында мектеп оқыўшыларына саз әсбаплары саўға етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.