Наўрызың  – жаңа күн, жаңа дәўраның

 мүбәрек, жанажан Өзбекстаным!

Тоқсанды торқалаған Артығалый ата таң намазын оқыды да, кеше келинине таярлатып қойған жыйынлық кийимлерин кийип,  әдеттегиден ертерек дастурхан басына келип пәтияға қол жайды. Ел, шаңарақ басы, перзентлериниң аманлығын тәңирден сораған тилеклердиң қасына «Илайым, улыстың уллы күни Наўрыздан Наўрызға жете бергеймиз» деген мәнили сөзлер қосылды. Себеби, бүгин оның аўылында, қара мийнеттен бахтын, тахтын таўған журтында НАЎРЫЗ байрамы.

 

 

Усы ҳәптениң сәтли күни сарсенбиде болып өткен Шымбай районы «Майжап» елатындағы Наўрыз халықтың тилинде айта жүргендей байрам болды. Хожалықтың орайлық спорт майданына жыйналған халық, жадыраған бәҳәрдиң қуяшынан нәр , көркем-өнер тараўы хызметкерлериниң йошлы концертлери ҳәм миллий ойынлардан руўхый азық алды.

 

 

Байрамға байланыслы Наўрыз салтанатын Шымбай районы ҳәкими Полат Ещанов  ашып берди. Ол өз сөзинде быйылғы Наўрыздың ҳәр жылдағыдан өзгеше руўхта, ен алыс аўыллардың биринен басланып атырғанын айрықша атап өтти. Ҳақыйқатында да, Наўрыз-меҳир-мириўбет, адамгершилик, қайыр-сақаўатқа толы әййям болып қалмастан, ол ашық аспан, жасыл тәбият, қызғын мийнет ҳәм дөретиўшилик сыяқлы илаҳий сезимлерди өзинде жәмлейди.

 

 

Буннан алпыс жылға шамалас ўақыт бурын, Қарақалпақстанда салыгершиликти раўажландырыўға байланыслы арнаўлы қарар тийкарында дүзилген «Майжап» хожалығында ҳәзирги пайытта 750 шаңарақта 5 мыңнан аслам халық жасайды. 34 фермер хожалығы төрт мыңға шамалас егислик майданларда пахта ҳәм бийдай зүрәәтин жетистириў менен шуғылланады. Усы жылда бул мәканда бир балалар бақшасында 3 миллиард 569 миллион сумлық, ЭКОС үскенесине 3 миллиард 762 миллион сумлық реконструкция жумыслары алып барылмақта.

«Наўрызың-жаңа күн, жаңа дәўраның мүбәрек, жанажан Өзбекстаным!» баслы идеясы тийкарында өткерилген байрам мүнәсибети менен тигилген ғайры нағысларда безелген қос-қос қараүйлерде, гүл мыйықлы арбаларда, ушсаң бәлентти гөзлейтуғын әткөншеклерде, жүўери гүртик, сумелеклер қайнап, палаўлар демленген шүлен қазанлар әтирапында жыйналған халық, әййям қуўанышларын инам еткен шөлкемлестириўшилерге миннетдар болды

 

 

-Жыл басы Наўрызда тилеген тилек қабыл болады, деген гәп бар, дейди «Майжап» пуқаралар жыйыны баслығы Шәрибай Абдикаримов.-Турмыстың талай асыўларынан өткен жасыүлкенлердиң пәтиясы менен шашылған туқымның бири мың болатуғынына гүманым жоқ. Олардың тәжирийбеси, өмир жолы жасларымыз ушын бәрқулла өрнек болып қала береди.  Халқымыз басқосқан бирликли тойдың жүдә аўызбиршиликли өтиўиде усы атайы дийқан ақсақаларымыздың бизлерге берген тәлим-тәрбиясы жемиси.

Наўрыз сәни- миллий ойынлар «Арқан тартысыў»да билеги күшли аўыл жигитлериниң қолы бәлент келиўи, палўанлар беллесиўиндеги жеңимпазлардың куўанышы, ат шабыстағы айлаўларда Рашид Ережеповтың алааяқ «Торықасқа»сы менен «Қараторы»сының басқаларды шаңында қалдырыўы, мәрт жигитлердиң ойыны – «Ылақтартыс» тағы тиреспелер, қошқарлар дүгисип, қоразлар урысқандағы аламанның қыйғырығы, бәри-бәри тойды тойға уластырды.

 

 

…..Мине, сонша тамашаны көрген Артығалий ағаға да ғайбана күш енип ғаррыларды баслап ат шабар майданына барды. Тулпарлар белинде «Қыз куўыў»ды көрип, жаслық шағы ядына түсип көзине жас алса да, қатарларының дегишпесине қаларман, деп шапанының белбеўине көзин тасалап сыпырып қойды. Қуяш батыўға мейиллесип қалса да шаршамағанына өзиде ҳайран.Қасындағы ғаррыларда бүгин үйлерин умытқандай қайтыўға асығар емес.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Тәбиятты жасартқан, күшлерге күш қосқан Наўрыздың қүдирети бул…

 

Абдулла Ембергенов.

журналист.

Қабыл Бегимовтың түсирген сүўретлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги