Наўрыз – Жылбасы тилеклери

 

Наўрыз тойы оң болсын,

Несийбемиз мол болсын,

Ел-елаттың бирлигин берип,

Аўызбиршилик зор болсын,

Ерлердиң дәўлети жүрип,

Аллатала жол берсин,

Еренлер қол берсин,

Ҳарымас талап берсин,

Талмас қанат берсин,

Ийман байлығын берсин,

Денниң саўлығын берсин,

Нийетимиз қабыл болып,

Илая, айтқанымыз келсин,

Әмин, Аллаҳыў әкбар!

 

***

 

Улыс күни оң болсын,

Ырысқымыз мол болсын,

Жылдан жылға жете берейик,

Жылысып өте берейик,

Берекетимиз жоғалмасын,

Бирлигимиз бузылмасын,

Ел-халқымыз тоқ болсын,

Бәле-қада жоқ болсын,

Ер-азаматымыз изезли болсын,

Жасы кишимиз иззетли болсын,

Жасы жеткенге күтим болсын,

Журт тыныш, бас аман,

Баўрымыз пүтин болсын,

Әмин, Аллаҳыў әкбар!

 

***

 

Алла берсин, берсин,

Айтқанымыз келсин,

Жылымыз қутлы болып,

Бәле-мәтер жерге енсин,

Тәңир бериўин жазбасын,

Бенде азбасын, тозбасын,

Душпанның қәҳәринен сақласын,

Шайтанның зәҳәринен сақласын,

Асып-тасқаннан сақласын,

Албырап-сасқаннан сақласын,

Буйрықсыз қазадан сақласын,

Бийорын жазадан сақласын

Отлағымыз жасыл болсын,

Әмин, Аллаҳыў әкбар!

 

(Даўамы бар)

Қарақалпақстан хабар агентлиги